Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги жанындағы Мәмлекетлик хызметлер агентлиги Қарақалпақстан Республикалық басқармасы тәрепинен дөгерек сәўбети өткерилди. Оған тараў басшылары ҳәм қәнигелери, коммуналлық хызмет көрсетиў тараўы ўәкиллери қатнасты.

Онда Агентликтиң Қарақалпақстан Республикалық басқармасы баслығының орынбасары Е.Досанов, Жер дүзиў ҳәм көшпес мүлк кадастры мәмлекетлик кәрханасының ҳуқық мәсләҳәтшиси Т. Ғайпов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, әмелге асырылып атырған жумысларға кеңнен тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 12-декабрь күнги «Халыққа мәмлекетлик хызметлер көрсетиўдиң миллий системасын түп-тийкарынан реформалаў илажлары ҳаққында»ғы пәрманына тийкарланып Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги жанындағы Мәмлекетлик хызметлер агентлиги, оның орынлардағы басқармалары шөлкемлестирилген еди. 2018-жылдың 1-январынан район(қала)лық Исбилерменлик субъектлерине «бир айна» принципи бойынша мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў орайлары мәмлекетлик хызметлер орайларына айландырылды.

Олардың тийкарғы ўазыйпалары етип, физикалық ҳәм юридикалық шахсларға «бир айна» принципи, сондай-ақ, узақ аймақларға шыққан ҳалда көшпели мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў, мәмлекетлик хызметлери сервисиниң жоқары сапасы, тезлиги, қолайлығынан пайдаланыўды тәмийинлеў, бюрократлық тосқынлықларға жол қоймаў, мәкемелераралық шерикликти, мәмлекетлик хызметлер көрсетиў ушын зәрүр ҳүжжетлер ҳәм мағлыўматларды тезлик пенен алыўды тәмийинлейтуғын электронлы шерикликти жолға қойыў, хызмет көрсетиўде физикалық ҳәм юридикалық шахсларға мәсләҳәт бериў, ўәкилликли мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа шөлкемлер тәрепинен мәмлекетлик хызмет көрсетиўде нызам ҳүжжетлери ҳәм ҳәкимшилик регламентлериниң талапларына әмел етиўин тәмийинлеў жүклетилди.

Бүгинги күнде мәмлекетлик хызметлер орайлары тәрепинен усы жылдың 18-декабрь ҳалатына физикалық ҳәм юридикалық шахсларға жәми 346 мыңнан аслам мәмлекетлик хызметлер көрсетилген. Бул өткен жылда көрсетилген хызметлер санына салыстырғанда 49 есеге көбейгенин көрсетпекте.

Сондай-ақ, орайлар тәрепинен көшпели тәртипте хызметлер көрсетиў жолға қойылып, жәми 13 мыңға шамалас мәмлекетлик хызметлер көрсетилген. Соның ишинде, 1800 ден аслам исбилерменлик субъектлери көшпели тәртипте мәмлекетлик дизимнен өткерилди.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 11-апрельдеги «Исбилерменлик жумысы тараўындағы лицензиялаў ҳәм рухсат бериў тәртип-қағыйдаларын буннан былай да қысқартыў ҳәм әпиўайыластырыў, сондай-ақ, бизнес жүргизиў шараятларын жақсылаў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы менен усы жылдың 1-июнь сәнесинен баслап исбилерменлик жумысы тараўындағы лицензияланатуғын 7 искерлик түри ҳәм рухсат бериў өзгешелигине ийе ҳүжжетлердиң 35 түри бийкар етилди. Ал, лицензияланатуғын 4 искерлик түри ҳәм рухсат бериў өзгешелигине ийе ҳүжжетлердиң 34 түри бириктириў жолы менен бийкар етилди.

Мәмлекетлик хызметлер көрсетиўде Агентликтиң Қарақалпақстан Республикасы басқармасы мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа шөлкемлер үстинен қадағалаў бөлими тәрепинен 7000 нан аслам нызамбузыўшылық жағдайлары анықланған. Бул бойынша ўәкилликли уйымларға 6 ескертиў, 80 усыныс, 140 қа жақын жуўапкер шахсларға ҳәкимшилик жаза шаралары қолланылып, 40 тан аслам лаўазымлы шахслар ҳәм жуўаплы хызметкерлер интизамый түрде жуўапкершиликке тартылған.

Сондай-ақ, мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў тараўына мәлимлеме-коммуникациялық технологияларды жедел енгизиў, мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа шөлкемлердиң мағлыўматлар бойынша базаларын мәкемелераралық электрон бирге ислесиў бирден-бир системасына интеграциялаў, Өзбекстан Республикасы бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў әмелияты кеңейди.

Усы ҳәптеден баслап және бир әҳмийетли жаңалық, яғный төлемли хызметлерди де электрон түрде әмелге асырыў енгизилген. Пуқаралар үйинде отырып-ақ, белгиленген төлемлерин төлей алады.

Дөгерек сәўбетинде тараўда ушырасып атырған мүрәжатлардың белгиленген мүддетлерде орынланбаўы, себеплери сыяқлы айырым қәте-кемшиликлер де атап өтилип, бундай жағдайларды сапластырыў бойынша пикир-усыныслар билдирилди.

Дөгерек стол қатнасыўшылары қызықтырған сораўлары бойынша тийисли қәнигелерден жуўап алды.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.