20-октябрь күни Нөкис аэропортында Сербия мәмлекетинде 12-16-октябрь күнлери Самбо гүреси бойынша 1999-2001-жыллары туўылған қызлар арасында өткерилген Жәҳән чемпионатында 1-орын жеңимпазы Клара Дәрменбаеваны күтип алыў мәресими өткерилди.
Оны спортшы нураныйлар, Қарақалпақ мәмлекети университети жәмәәти, спортшының туўылып өскен аўылы Нөкис районы Саманбай аўыл пуқаралары жыйыны турғынлары, Нөкис қалалық ҳаял-қызлар бөлими ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери күтип алды.
Жәҳән чемпионатына 50 ге шамалас мәмлекетлердиң спортшылары қатнасқан болып, онда жерлесимиз К.Дәрменбаева 60 кг салмақ категориясында қатнасты.
Клара спорттың самбо түри менен 8 жылдан берли турақлы шуғылланып келмекте. Усының нәтийжесинде ол 2 мәрте Азия чемпионы, бир неше мәрте Өзбекистан чемпионы болды. Өткен жылы Румынияда өткерилген Жәҳән чемпионатында 2-орынды ийелеп қайтқан еди. Бул чемпионатта әўмет оған күлип бағып, Польша, Сербия, Россия мәмлекетлеринен қатнасқан спортшылардан үстем келип, алтын медаль менен сыйлықланды.
Клара спорттың кураш, дзюдо түрлери менен де шуғылланады. Өткен жылы апрель айында Самарқанд ўәлаятында дзюдо бойынша өткерилген Өзбекистан чемпионатында 1-орынды ийелеп Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң дене мәденияты факультетине имтихансыз оқыўға қабылланған еди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги