Усы жыл 19-20-21-декабрь күнлери аралығында республикамыздың барлық қала ҳәм районларында «Кеңпейил Өзбекстан – улыўма үйимиз» сүрени астында миллетлераралық татыўлық фестивалы өткериледи.

Шымбай, Тахтакөпир, Қараөзек, Кегейли, Елликқала, Төрткүл, Беруний районларында феставаль көтериңкилик руўхта өткерилди.

Күнниң биринши ярымында Шымбай районындағы фестиваль қатнасыўшылары Мәденият сарайында «Жозиба» атамасындағы миллий липаслар подиумын тамашалады. Онда райондағы еки жас дизайнердиң заманагөй ҳәм миллийликти өзинде жәмлеген липаслар көргизбеси таныстырылды. Буннан соң, миллий саз әсбаплары фестивалы басланып кетти. Онда 50 жас сәзенде түрли миллитлердиң саз әсбапларын жанлы атқарып берди. Сондай-ақ, фестиваль қатнасыўшыларына «Дунё рақслари» аяқ ойын фестивалы, «Мозийга назар» миллий дәстүр ҳәм үрп-әдетлерди сәўлелендириўши сахналық көринислер қойып берилди.

Күнниң екинши ярымында райондағы И.Юсупов атындағы академиялық лицейинде «Миллий ҳәм диний кеңпейиллик – тынышлық ҳәм турақлылықтың әҳмийетли факторы» атамасында конференция өткерилди. Онда районда ҳәр бир миллет ўәкиллери тыныш-татыў аўызбиршиликте жасап атырғанлығы, елимизде қайсы миллет ўәкили болыўына қарамастан ҳуқық ҳәм еркинликлер жаратылып берилгенлиги ҳаққында мақтаныш пенен атап өтти.

Фестиваль қатнасыўшылары  ҳәм белсенди жаслар райондағы имканияты шекленген, социаллық қорғаўға мүтәж инсанлар жағдайынан хабар алды.

Буннан кейин райондағы «Азиза» ресторанында «Миллий тағамлардың өзине тәнлиги» атамасында миллий тағамлар фестивалы өткерилди.

Фестиваль жеңимпазлары фестиваль жуўмағына арнап өткерилетуғын гала концертте шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлықланады.

Фестиваль республикамыздың басқа районларында 21-декабрьге шекем өткериледи.

Бул ҳаққында мағлыўмат берип барамыз.

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы