Президентимиз тәрепинен қол қойылған «Өзбекстан Республикасы Жеке меншик бәнтлик агентликлери ҳаққында»ғы нызамға бола, Пуқараларды шет елде жумысқа жайластырыў хызмети менен алдағы ўақытлары Сыртқы мийнет миграциясы агентлиги қатарында жеке меншик бәнтлик агентликлери де шуғылланыўы мүмкин.
Нызамда жумыс излеген шахсларға шет елде жумысқа жайластырыў бойынша жеке меншик бәнтлик агентликлериниӊ жумысын тәртипке салыўшы нормалар келтирилген.
Атап айтқанда, жеке меншик бәнтлик агентликлери жумыс излеген шахсларга жумыс таңлаў ҳәм жумысқа жайласыў бойынша, жумыс бериўшилерге кадрлар таңлаў бойынша, сондай-ақ, жумысқа жайластырыў тараўында мәлимлеме ҳәм мәсләҳәт хызметлерин көрсетеди.
Бунда шет елде жумыс пенен тәмийинлеў бойынша хызмет Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги тәрепинен берилетуғын лицензия тийкарында әмелге асырылады.
Яғный, бәнтлик агентликлери шет елде жумысқа жайластырыў бойынша хызметлер көрсетиў ушын елиў мың АҚШ доллары муғдарында қаржыларды Шет елде мийнет хызметлерин әмелге асыратуғын пуқараларды қоллап-қуўатлаў ҳәм олардың ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў фондына резервге қояды.
Бул қаржылар лицензия тамамланған яки бийкар етилген жағдайда қайтарып бериледи.
ӨзА