Бирден- бир улыўма республикалық процессинг орайы (БУПО) Литваның АSHBURN International компаниясы ислеп шыққан TransLin.iQ дәстүрий бағдарламалық тәмийнатын енгизди. БУПО сайтында жәрияланған хабарға бола, ол шөлкемлер арасында қол қойылған бирге ислесиў ҳаққындағы келисимде нәзерде тутылған.
TransLin.iQ бағдарламалық шешими төмендеги имканиятларды береди:
-POS терминаллары тармағын басқарыў;
– POS терминалларында банк карталары жәрдеминде төлем операцияларын әмелге асырыў;
– картадағы операцияларды банк-эквайерға қәўипсиз ҳәм тез бериў;
– сыртқы системалар менен интеграцияласыў;
-POS терминалы бағдарламалық тәмийнатын аралықтан турып жаңалаў;
– POS терминаллары функцияналын аралықтан турып кеңейтиў ҳәм өзгертиў;
– POS терминаллары тармағы жумысларын мониторинг етиў;
– есабатлар дүзиў имканияты.
Бул бағдарламалық шешимниң енгизилиўи карталардыӊ ийелери ҳәм сақлаўшылардың жеке мағлыўматлары қорғалыўы дәрежесин арттырыў мүмкиншилик береди.
ӨзА