Усы мүнәсибет пенен шөлкемлестирилетуғын салтанатлы илажда қатнасыў ушын Президент Администрациясы, сенаторлар, депутатлар, ҳүкимет ағзалары, Өзбекстан Қаҳарманлары, чемпион спортшылар, түрли тараўларда жетискенликлерге ерискен жаслар, нуранийлар, жазыўшы-шайырлар, илим ҳәм көркем өнер ғайраткерлеринен ибарат Өзбекстан делегациясы Москваға жөнеп кетти.
Ислам Кәримовтың тулғасы Самарқандтағы Регистан комплексиниң фондында бой тиклеген. Бул жойбар британиялы белгили мүсинши Пол Дэйдиң идеясы болып табылады. Естеликте күшли ерк-ықрарға ийе, дана мәмлекетлик ғайраткер ҳәм халықшыл сиясатшының образы сәўлеленген.
Москва орйында бой тиклеген Ислам Кәримовтың естелиги Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң мирәт етиўи бойынша Россия Федерациясы Президенти Владимир Путинниң елимизге мәмлекетлик сапары алдында ашылыўында да терең рәмзий мәни бар.
Президент Владимир Путин ғәрезсиз Өзбекстанның тийкарын салыўшы, уллы мәмлекетлик ҳәм сиясий ғайраткер Ислам Кәримов пенен тығыз дослық мүнәсибетте болған. Еллеримиз арасындағы стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларына да мине усы ҳақыйқый дослық негизинде тийкар салынған.
Владимир Путин ҳәм Россия халқы Ислам Кәримовты Өзбекстанның раўажланыўы, халқымыз абаданлығы жолында пидайы мийнет еткен, ең қыйын ўақытларда тынышлықты ҳәм турақлылықты тәмийинлеген шахс сыпатында еслейди. Биринши Президентимиздиң Өзбекстан менен Россия арасындағы қатнасықларды раўажландырыўға қаратылған, тынышлық сүйиўшилик, кеңпейиллик ҳәм татыўлық, өз-ара тең мәпдарлыққа тийкарланған дана сиясаты ҳақылы түрде жоқары дәрежеде тән алынады.
Қаҳарман қала деп тән алынатуғын Москвада Биринши Президентимиз атындағы бағ ҳәм естеликтиң ашылыўы Ислам Кәримов естелигине ҳүрмет-иззет белгиси болып, Өзбекстан ҳәм Россия арасындағы дослық қатнасықларының избе-из раўажланып ҳәм беккемленип атырғанынан дәрек береди.
Улуғбек АСРОРОВ,
ӨзА ның хабаршысы