4-октябрь күни Қарақалпақ мәмлекетлик Қуўыршақ театрында Өзбекистан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының ағзасы, Қарақалпақстан Республикасына мийнети синген мәденият хызметкери, талантлы шайыр Минайхан Жуманазарованың туўылғанының 60 жасқа толыўы мүнәсибети менен «Өзимниң кеўлиме султанман» атамасында әдебий кеше болып өтти.
Оған жазыўшы-шайырлар, шайырдың дослары, шәкиртлери, студент жаслар, туўған-туўысқанлары ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.
Кешеде Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының баслығы К.Кәримов, Қарақалпақстан Республикасы «Нураний қоры» баслығы Ш.Уснатдинов, Өзбекистанға хызмет көрсеткен мәденият хызметкери Э.Мардахимов, Қарақалпақстан Республикасы «Алтын мийрас» қорының баслығы А.Сапарова, ҳәм басқалар шайырдың өзине тән поэзиясы, қосықларындағы халықшыллық, оның туўры сөзли, ҳақ нийетли, мәрт ҳәм өз сөзин батыл айта алатуғын үлкен талант ийеси екенлигин атап өтти.
Сондай-ақ, кешеде быйылғы жылы елимиз ғәрезсизлигиниң 26 жыллық байрамы қарсаңында М.Жуманазароваға «Қарақалпақстан Республикасына мийнети синген мәденият хызметкери» атағы берилгени атап өтилди.
Халқымыздың жүрек төринен терең орын алып үлгерген шайырдың бир қатар қосықларына композиторлар тәрепинен намалар жазылып, оларды қосықшылар кәмине келтирип атқарып келмекте. Атап айтқанда, «Қәстерлеп абайлаң бир-бириңизди», «Еле мен», «Әлўидағ айтпайман муҳаббат», «Бардур», «Сени маған қудай жеткизди» ҳәм т.б қосықлары кеше даўамында көркем өнер шеберлери тәрепинен атқарылды.
Әдебий кеше жыйналғанларда үлкен тәсир қалдырды.
Тәрбия СЕЙТНАЗАРОВА,
Қарақалпақстан хабар агентлиги хабаршысы