Қубла Корея Республикасының мәмлекетлик емес коммерциялық емес «Friends» шөлкеминиң 3 ағзасы – пластик хирурглер республикамызға келди.

Олар пайтахтымыздағы Республикалық көп тармақлы балалар медициналық орайында район ҳәм қалалардан келген наўқасларды медициналық тексериўден өткерди. Операцияға мүтәж балалар емлеўханаға жатқарылып, оларға операция әмелияты әмелге асырылады.

Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги менен усы шөлкем арасында буннан бес жыл бурын дүзилген меморандум шәртлерине бола, ҳәр жылы Кореяның жетик қәнигелери, профессорлары республикамызда болып, балаларды бийпул медициналық тексериўден өткереди. Бул қайырқомлық илажлар тиккелей «Dr.Park’s Plastic Clinic» емлеўханасының директоры, пластик хирург Пак Джин Соктың басшылығында әмелге асырылмақта.

Бул топарға және 53 шыпакер қосылады. Лор, стоматолог, педиатр, хирург сыяқлы маман шыпакерлерден ибарат  «Friends» шөлкеминиң ағзалары топарларға бөлинип, мектеплерде де болыўы режелестирилген.

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.