11-октябрь күни пайтахтымыздағы 1-санлы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде «Ҳаял-қызлар спорт ҳәптелиги» шеңберинде спорттың волейбол түринен 2005-2006-жыллары туўылған қызлар арасында Нөкис қаласы бириншилиги өткерилди.
Жарысқа 40 қа шамалас спортшы қызлар қатнасты.
Жарыс жуўмағында 1-санлы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебиниң командасы биринши, республикалық ойын түрлери ҳәм жеңил атлетика бойынша қәнигелестирилген балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебиниң командасы екинши ҳәм пайтахтымыздағы 23 -санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң командасы үшинши орынды ийеледи.
Сондай-ақ, спорттың баскетбол түринен 2003-2004-жыллары туўылған қызлар арасында өткерилген Нөкис қаласы бириншилигинде 40 тан аслам спортшы қатнасып, жарыс жуўмағында республикалық ойын түрлери ҳәм жеңил атлетика бойынша қәнигелестирилген балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебиниң командасы биринши, 2-санлы республикалық ойын түрлери ҳәм жеңил атлетика бойынша қәнигелестирилген балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебиниң командасы екинши, пайтахтымыздағы 22-санлы улыўма орта билим бериў мектеби мектептиң командасы үшинши орынды ийеледи.
– Спорт-саламатлық гиреўи. Сонлықтан халқымыз, әсиресе, жас әўлад арасында спорттың ғалабалығына ерисиў оны кеңнен үгит-нәсиятлаў баслы мақсетимиз болып есапланады, – дейди спорттың баскетбол түринен тренер Қәўендер Қайпов. Елбасшымыздың тиккелей басламасы менен спорт тараўына айрықша итибар қаратылмақта. Буның айқын дәлилин спорт ҳәптеликлеринде көриўимизге болады.
Спорт ҳәптелиги даўам етпекте.
Т.СЕЙТНАЗАРОВА,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы