Иранның қубласындағы Ахваз қаласында өткерилип атырған әскерий парад ўақтында терроршылық ҳәрекети жүз берди, деп хабар берди Press TV.

Телеканалдың мағлыўмат бериўинше, белгисиз шахслар парад қатнасыўшыларына қарай оқ атқан. Бир неше адам қайтыс болғаны, жигирма адамның жарақатланғанлығы айтылмақта.

Оқ атқан еки шахс қәўипсизлик күшлери тәренинен атып өлтирилген.

 

Нурлыбек Жамалов таярлады.