Жақында Нөкис қаласында Ишки ислер министрлигиниң академиялық лицейиниң ашылыў мәресими болып өтти.
Бул лицейдиң оқыў-методикалық процесин муўапықластырыў, оларға әмелий ҳәм мәлимлеме-ресурс орайлары арқалы жәрдем бериў Өзбекистан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң Академиясы тәрепинен әмелге асырылады. Усыған байланыслы бул жерде Академиялық лицейлер менен ислесиў бөлими шөлкемлестирилди.
Сондай-ақ, 2020-2021-оқыў жылынан баслап ишки ислер министрлиги Академиясының күндизги бөлимине қабыл етиў тек ғана усы академиялық лицейлер, әскерий академиялық лицей питкериўшилери, сондай-ақ, ишки ислер уйымлары хызметкерлери қурамынан әмелге асырылады. Сондай-ақ, бул лицейди питкериўшилерге Өзбекистан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң басқа да оқыў орынларына оқыўға кириўде жеңилликлер бериў белгиленген.
Президентимиздиң усы жыл 16-августтағы «Ишки ислер уйымлары хызметкерлерин таярлаў, қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарары лицейдиң ашылыўына ҳуқықый тийкар саналады.
Президент қарарына муўапық ҳәзирги ўақытта ишки ислер тараўы хызметкерлери ушын зәрүр болған дәслепки кәсиплик билим бериў, жоқары руўхый-ағартыўшылық ҳәм Ўатанға садықлық пазыйлетлерин қәлиплестириў, Ишки ислер министрлигиниң жоқары оқыў орынларына кириў ушын талабанларды мақсетли таярлаў бойынша тәртипти енгизиў мақсетинде мәмлекетимиздеги еки кәсип-өнер колледжи ҳәм он еки академиялық лицей тийкарында ҳәр бир регионда биреўден, жәми ишки ислер министрлигиниң он төрт академиялық лицейи шөлкемлестирилди.
Н.РЕЙПНАЗАРОВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы