11-cентябрь күни пайтахтымыздағы «Жаслар орайы» имараты жанындағы майданда Мәжбүрий орынлаў бюросы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, оның қалалық, районлық бөлимлерине 17 заманагөй жаңа маркадағы «Каптива» ҳәм «Нексия» арнаўлы хызмет автомашиналарын тапсырыў мәресими болып өтти.

Онда атап өтилгениндей, Президентимиздиң қарарына тийкарланып шөлкемлестирилген Мәжбүрий орынлаў бюросының Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, оның қалалық, районлық бөлимлери тәрепинен қысқа ўақыт ишинде кадрлар резервин тәртиплестириў, маман қәнигелерди жумыс пенен тәмийинлеў, тәбийғый газ, электр энергиясы бойынша қарыздарлықты өндириў, суд ҳүжжетлери менен басқа да уйымлардың ҳүжжетлериниң орынланыўы бағдарында бир қанша жумыслар әмелге асырылды. Тек ғана усы жылдың август  айында электр энергия ушын 24,1 миллиард сумлық (реже 101 процентке), тәбийғый газ ушын 54,1 миллиард сумлық (реже 138 процентке) ҳәм басқа да уйымлардың ҳүжжетлерин орынлаў тараўында  565,8 миллиард сумлық орынлаў ҳүжжетлериниң әмелде өндирилиўине ерисилди.

– Жоқары көрсеткишлер менен жумыс алып барып атырған мәжбүрий орынлаў бюросы заманагөй имарат, компьютер техникалары, мебельлер менен тәмийинленди. Оның  жумысын буннан былай да қоллап-қуўатлаў ҳәм сапасын арттырыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳәм қалалық, районлық бөлимлерине «Каптива» ҳәм «Нексия» арнаўлы хызмет автотранспорт қураллары менен тәмийинленип атыр, – дейди Мәжбүрий орынлаў бюросы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының баслығы Ж.Ермашев. – Бундай шараятлардың жаратылыўы жумыс нәтийжелилигин арттырыўдың әҳмийетли факторы болып табылады.

Салтанатлы мәресимде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Прокуроры Э.Таджиев шығып сөйледи.

 

 М.ИГИЛИКОВА,

 Қарақалпақстан  хабар агентлиги