Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде «Инсан ҳуқықлары Пүткил жәҳән декларациясы ҳәм инсан ҳуқықлары тараўында билим алыў ҳуқықы» темасында ушырасыў болып өтти.

Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң 27 жыллығына бағышланып  Инсан ҳуқықлары Пүткил жәҳән декларациясы қабыл етилгениниң 70 жыллығы алдынан өткерилген илажға  профессор-оқытыўшылар, студент-жаслар ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Ушырасыўда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Ҳамраев, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының Демократиялық институтлар, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳәм пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары комитетиниң баслығы,  Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы Миллий орайының директоры, академик А.Саидов,  Олий Мажлис Нызамшылық палатасы Демократиялық институтлар, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳәм пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары комитетиниң ағзасы И.Ходжиев, Пуқаралық жәмийети қәлиплесиўин мониторинг етиў бийғәрез институты Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлиминиң директоры М.Сарыбаев шығып сөйлеп, Инсан ҳуқықлары Пүткил жәҳән декларацияның мазмун-мәниси, оның инсанның ҳуқық ҳәм еркинлерин қорғаўдағы әҳмийетине тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей,  ғәрезсизлик жылларында елимизде демократиялық ҳуқықый мәмлекет, күшли пуқаралық жәмийетин қурыў, еркин базар қатнасықлары менен жеке мүлкке тийкарланған базар экономикасын раўажландырыў, халықтың тыныш және абадан турмыс кешириўлери ушын шараятлар жаратыў, Өзбекстанның халықаралық майданда мүнәсип орын ийелеўине қаратылған комплексли илажлар әмелге асырылмақта. Тийкарғы Нызамымыз болған Конституция, оның тийкарында қабыл етилген ҳуқықый ҳүжжетлер жәмийет ҳәм мәмлекет турмысының барлық тараўларын реформалаў ушын ҳуқықый тийкар жаратпақта. Нәтийжеде, бүгинги күни елимиз инсан ҳуқықлары бойынша 70 тийкарғы ҳүжжетке қосылды, БМШ тәрепинен бул бағдарда қабыл етилген 10 тийкарғы халықаралық шәртнаманың қатнасыўшысына айланды.

Усы жылы декабрь айында  Инсан ҳуқықлары Пүткил жәҳән деклерациясының қабыл етилгенине 70 жыл толады. Усы мүнәсибет пенен 2018-жыл 5-майда Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Инсан ҳуқықлары Пүткил жәҳән деклерациясы қабыл етилгениниң 70 жыллығына арналған илажлар бағдарламасы ҳаққында»ғы пәрманы қабыл етилди. Ҳәзирги ўақытта пүткил елимиз бойлап усы пәрман талапларын орынлаў шеңберинде көплеген илажлар өткерилмекте.

2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыў шеңберинде елимиздиң халықаралық қатнасықлардың толық ҳуқықлы субъекти сыпатындағы орнын ҳәм ролин еле де беккемлеў, раўажланған демократиялық мәмлекетлер қатарынан орын алыў, Өзбекстан әтирапында қәўипсизлик,   турақлылық ҳәм жақын қоңсышылық орталығын жаратыў бойынша избе-из илажлар әмелге асырылмақта.

Пәрман менен, мәмлекеттиң, жәмийеттиң ҳәм пуқаралардың Инсан ҳуқықлары пүткил жәҳән декларациясының принциплери ҳәм қәдриятларына итибарды күшейтиў, сондай-ақ, инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин исенимли қорғаўды тәмийинлеўге қаратылған шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый ҳәм басқа да илажлар системасын буннан былай да жетилистириў, сондай-ақ, нызамшылыққа ҳәм мәмлекетлик уйымлардың әмелий жумысына инсан ҳуқықлары менен еркинликлери тараўында халықаралық стандартларды имплементациялаў механизмлерин ҳәм тәртиби нәтийжелилигин арттырыў мақсетинде бир қатар илажлар режеси белгилеп берилди. Усы режеге муўапық, Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Халық билимлендириў министрлиги Өзбекстан жаслар аўқамы менен биргеликте 2018-жыл 10-декабрьде елимиздеги барлық мектеп, лицей, колледж, жоқары билимлендириў мәкемелеринде Инсан ҳуқықлары Пүткил жәҳән декларациясы қабыл етилгениниң 70 жыллығына бағышланған улыўма миллий сабақлар өткериледи.

Ушырасыўда студент-жаслар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.

 М.ҲӘБИБУЛЛАЕВтың түсирген сүўретлери