Жаңа оқыў жылының дәслепки күни пайтахтымыздағы «Жаңа базар» мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы 45-санлы улыўма билим бериў мектебиниң жаңа имараты пайдаланыўға тапсырылды.

Усы мүнәсибет пенен өткерилген илажда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев шығып сөйлеп, жыйналғанларды Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң 27 жыллығы байрамы, жаңа оқыў жылының басланыўы ҳәм жаңа имараттың пайдаланыўға тапсырылыўы менен қутлықлады.

Атап өтилгениндей, бүгинги күни ҳүрметли Президентимиздиң басламасы менен билимлендириў системасында үлкен реформалар әмелге асырылмақта. Улыўма орта билим бериў тараўында  11 жыллық системаның енгизилиўи,  жоқары оқыў орынларында бир қатар бағдарлар бойынша кешки ҳәм сыртқы бөлимлердиң ашылыўы, мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери тармағының кеңейтилиўи, мәмлекетлик емес билимлендириў хызметин көрсетиўдиң жолға қойылыўы буның айқын дәлили болып табылады. Соның ишинде, педагог кадрларды ҳәм халық билимлендириў хызметкерлерин таярлаў ҳәм қайта таярлаўға, олардың қәнигелигин арттырыў системасын жетилистириўге айрықша итибар қаратылмақта.

Өткен жылдың март айында қурылысы басланған бул мектеп имаратын пайтахтымыздағы хожалық есабындағы «Голден стар» қурылыс кәрханасының қолы гүл қурылысшылары қурып питкерип, аймақ балаларына саўға етти. Бул жерде 4 миллиард 478,4 миллион сумлық қурылыс жумыслары орынланды.

-Жәми 216 оқыўшыға мөлшерленген мектеп имаратының пайдаланыўға тапсырылыўы турғынларымыз ушын ҳақыйқый байрам саўғасы болды,-дейди «Жаңа базар» мәкан пуқаралар жыйынының баслығы Нийетбай Қалбаев.- Себеби, аймағымызда оқыў орны болмағанлықтан балалар Нөкис қалалық халық билимлендириў бөлимине қараслы 4-санлы, 41-санлы, 44-санлы, 22-санлы ҳәм 23-санлы мектеплерге қатнап оқып келди. Бул болса, бир қатар машқалаларды келтирип шығарар еди. Енди болса, жақын жердеги кең ҳәм жақтылы, барлық қолайлылықларға ийе мектепте оқыйтуғын болды. Буның ушын ата-аналар атынан шексиз миннетдаршылық билдиремиз.

Усы күни 1-классқа қәдем қойған 47 оқыўшыға 12 атамадағы Президент саўғасы тапсырылды.

Солай етип, жаңа мектепте жаңа оқыў жылы «Әзиз ҳәм жалғызымсаң, жанажан Өзбекстаным!» темасындағы ғәрезсизлик сабағы менен басланды.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.

 М.ҲӘБИБУЛЛАЕВтың түсирген сүўретлери