5-сентябрь күни пайтахтымыздағы Қарақалпақ мәмлекетлик қуўыршақ театры өзиниң 27-мәўсимин Қарақалпақ халық дәстаны  «Қырқ қыз» тийкарында жазылған «Қырқ қыз» спектакли менен ашты.

Спектакль режиссёр Мурат Бегимов тәрепинен сахналастырылған болып, ол балаларды ана-Ўатанға, ата-анаға, өз елине меҳир қойып, оны душпанлардан қорғаўға үйретеди.

Спектакльдиң сюжетлери  Аллаяр байдың шаңарағында алты улдан кейин ақыллы, саўлатлы, батыр қыз, спектакльдиң бас қаҳарманы Гүлайымның туўылыўы, оның үлкейип өсиўи, халқын душпанынан қорғаў ушын әкесинен «Мийўалы» деген қорғанды сорап, ол жерде дослары менен әскерий шынығыўлар алып барыўы сөз етиледи.

Спектакль Қалмақтың патшасы Суртайшаның бастырып кирип, елди жаўлап алыўы, соң Гүлайым қырқ қызы менен халқын душпанлардан қутқарыўы ҳәм мурат-мақсетине жетиўи менен жуўмақланады.

Спектакльде актёрлардан И.Жуманазарова (Гүлайым), П.Кулимов (Аллаяр бай), Қ.Қалиллаев (Суртайша), Ш.Алламбергенов (Журын таз), У.Қазақбаев (Сарбиназ) ҳәм басқа да актёрлар өзлерине тапсырылған рольлерди шеберлик пенен атқарып шықты.

Спектакльде художниклерден Т.Шардеметов, М.Байгелдиев, композиторлардан Қ.Заретдинов ҳәм жыраў Б.Сырымбетовлардың дөретпелеринен пайдаланылды.

Мағлыўмат орнында соны да айтып өтпекшимиз, бул театр усы жыл 14-июль күни Ташкент қаласында өткерилген қуўыршақ театрларының республикалық  дәстүрий фестивалында үшинши орынды ийелеп қайтты.

  

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы