Қырғызстанның Шолпаната қаласындағы «Рух орда» мәденият орайында 3-сентябрь күни Түркий тиллес мәмлекетлер бирге ислесиў кеңесиниң алтыншы саммити болып өтти.

Саммитке бул структураға ағза мәмлекетлер – Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиев, Түркия Республикасы Президенти Режеп Таййип Эрдуған, Қырғызстан Республикасы Президенти Сооранбай Жээнбеков, Қазақстан Республикасы Президенти Нурсултан Назарбаев қатнасты.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Венгрия Республикасы Бас министри Виктор Орбан әнжуманда ҳүрметли мийман сыпатында қатнасты.

Түркий тиллес мәмлекетлер бирге ислесиў кеңеси 2009-жылы шөлкемлестирилген. Шөлкем секретариаты Стамбул қаласында жайласқан. Өзбекстан бул кеңестиң әнжуманына биринши мәрте қатнасты.

Саммитте Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев шығып сөйледи.

Бәринен бурын, Қырғызстан Республикасы Президенти, ҳүрметли Сооранбай Шарипович Жээнбековқа шын жүректен миймандослық ҳәм усы ушырасыўды жоқары дәрежеде шөлкемлестирилгени ушын миннетдаршылық билдириўге рухсат еткейсиз, деди Шавкат Мирзиёев.

Бүгин, биз туўысқан Қырғызстан диярында, әсирлер даўамында халықларымызды бир-бирине байланыстырып киятырған дослық, тамырлас руўхый қәдириятлар ҳәм бирге ислесиў байланыслары беккем екенине және бир мәрте исенбектемиз.

Түркий тиллес мәмлекетлер бирге ислесиў кеңеси көп тәреплеме қатнасықларымызды буннан былай да раўажландырыўда әҳмийетли орын ийелейди.

Ҳәзирги ўақытта Кеңестиң сиясий күн тәртибинде бирде-бир машқала яки келиспеўшилик жоқ екенин айрықша атап өтиў зәрүр, деди Президентимиз.

Бизиң еллеримиз әҳмийетли халықаралық ҳәм регионаллық мәселелерде өз-ара сәйкес яки жақын түсиниклер менен көзқарасларға әмел етип келмекте.

Ҳәзирги ўақытта халықларымыздың турмыслық мәплерине толық жуўап беретуғын экономика, инвестиция, инновация, транспорт ҳәм коммуникация, туризм, илим, билимлендириў ҳәм мәденият сыяқлы әҳмийетли тараўларда өз-ара бирге ислесиў жедел раўажланбақта.

Мәмлекетимиз басшысы халықаралық жағдайға тоқтап, бүгинги күнде күнде халықаралық майдандағы турақсыз жағдай глобал раўажланыў процесслерине сезилерли дәрежеде кери тәсир еткенин атап өтти.

Дүньядағы тийкарғы орайлар арасындағы қатнасықларда өз-ара стратегиялық исеним жоғалып, ақыбетин алдын ала айтыўға болмайтуғын жағдайлар жүзеге келмекте.

Аўғанстан машқаласының елеге шекем даўам етип атырғаны, сондай-ақ, Жақын Шығыста әскерий-сиясий кескинлик сақланып атырғаны регионымыздағы жағдайға тиккелей тәсир өткермекте.

Регионда тынышлық ҳәм турақлылық раўажланыўды тәмийинлеўде глобаллық ҳәм регионаллық қәўип-қәтерлер, әсиресе, терроризмге ҳәм экстремизмге қарсы белсене гүресиў зәрүрлиги барған сайын артып бармақта.

Ҳәзирги ўақытта биргеликтеги ис-ҳәрекетлеримиздиң нәтийжесинде кейинги жылларда Орайлық Азияда әҳмийетли унамлы өзгерислер жүз бермекте, деди Шавкат Мирзиёев.

Усы жылдың июнь айында Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясы тәрепинен Орайлық Азия бойынша қабыл етилген резолюция, регион халықларының турмысында тарийхый ўақыя болғанына гүман жоқ.

Өзбекстанның Түркий кеңеске ағза еллер менен өз-ара саўда көлеми соңғы бир жылда 40 проценттен зыятқа артқанын бүгинги ушырасыўымызда айрықша атап өтиўди қәлер едим, деди мәмлекетимиз басшысы. Бирақ бул көрсеткишлер ҳәм нәтийжелер еле бизиң потенциалымыз дәрежесинде емес, әлбетте. Биз буннан бираз жоқары шеклерге ерисиўди мөлшерлегенбиз ҳәм буның ушын бәршемизде кең имканиятлар бар.

Биз Түркий тиллес мәмлекетлер бирге ислесиў кеңеси шеңберинде өз-ара пайдалы шериклик ушын кең имканиятлар бар екенин көрип турмыз.

Усы мәнисте, бизиң көзқарасымыз бойынша, бирге ислесиўимиздиң оғада әҳмийетли болған төмендеги бағдарларына тоқтап өтпекшимиз, деди Шавкат Мирзиёев.

Бириншиден, саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўди және де кеңейтиў зәрүр.

Еллеримиздеги жетекши санаат кәрханалары, инвестициялық  компаниялар, банк-финанс институтлары ҳәм исбилерменлик структуралары арасында кооперациялық байланысларды күшейтиў зәрүр.

Бирликтеги бизнес-жойбарларды додалаў ҳәм әмелге асырыў мақсетинде Түркий тиллес мәмлекетлер исбилерменлер кеңесиниң гезектеги мәжилисин Ташкентте өткериўди усыныс етемиз.

Бул илажларға еллеримиз регионларының ўәкиллерин де кең тартыўды әҳмийетли, деп есаплаймыз.

Соның менен бирге, мәмлекетлеримиз арасында экспорт-импорт көлемлерин кескин арттырыў ушын, ең қолайлы шараятлар жаратыў ҳәм жүзеге келген тосқынлықларды сапластырыў мақсетинде, Кеңес шеңберинде Саўданы раўажландырыў ҳаққында көп тәреплеме Келисим қабыл етиўди усыныс етемиз.

Екиншиден, бизиң биргеликтеги ис-ҳәрекетлеримиз транспорт бағдарларының өз-ара интеграцияласқан тармағын жаратыўға қаратылса мақсетке муўапық болар еди.

Бул мәмлекетлеримиздиң дүнья ҳәм региондағы тийкарғы базарларға шығыўын тәмийинлейди.

Бул жерде сөз, бәринен бурын, халықаралық транспорт коридорлары, соның ишинде, регионымызды Қытай, Қубла-Шығыс ҳәм Қубла Азия, Жақын Шығыс ҳәм Европа мәмлекетлери менен байланыстыратуғын автомобиль, темир жоллар ҳәм ҳаўа жоллары ҳаққында бармақта.

Соңғы ўақытта регионымызда транспорт инфраструктурасын раўажландырыў бойынша бир қатар әҳмийетли стратегиялық жойбарлар әмелге асырылғанын айрықша атап өтиў зәрүр, деди Өзбекстан Президенти.

Әзербайжанда жаңадан Алят теңиз саўда порты ашылды, Қазақстанда «Дослық» ҳәм «Хоргос» транспорт-логистика комплекслери қурып питкерилди. Жақында Ақтаў қаласында Қорық порты иске түсирилди. Өзбекстанды усы порт пенен қысқа жол арқалы байланыстырыў имканиятын беретуғын Ақжигит-Бейнеў жолы кеңейтилмекте.

Түркменстанда региондағы ири халықаралық аэропорт, Әмиўдәрья арқалы өтетуғын автомобиль ҳәм темир жол көпирлери, Түркменбашы қаласында заманагөй теңиз порты иске түсирилди, Түркияның Стамбул қаласында жылына 150 миллион жолаўшыға хызмет көрсетиў имканиятына ийе болған дүньядағы ең үлкен аэропортлардан бири қурылмақта, Босфор қолтығы астынан өткен «Мармарай» ҳәм «Евроазия» автомобиль ҳәм темир жол туннеллери қурылды.

Түркияның «Мерсин» портына шекем ең жақын маршрут ашып берген Баку-Тбилиси-Карс темир жолының пайдаланыўға тапсырылыўы, сондай-ақ, быйыл иске түскен Әндижан-Ош-Иркиштом-Қашғар автомобиль коридорының раўажландырылыўы үлкен имканиятлар жаратады.

Биз Қытай-Қырғызстан-Өзбекстан темир жолының қурылысы да басланады, деп үмит етемиз.

Пурсаттан пайдаланып, Өзбекстан ушын да әҳмийетли болған мине усындай стратегиялық транспорт-коммуникация жойбарларын табыслы әмелге асырғанлығы ушын барлық шериклеримизге миннетдаршылық билдиремен, деди мәмлекетимиз басшысы.

Үшиншиден, бизиң нәзеримизде, еллеримизди инновациялық тийкарда раўажландырыўға айрықша итибар қаратыў зәрүр.

Бүгинги күнде биз информация-коммуникацияның жетискенликлерин, алдынғы технологиялардың турмысқа жедел кирип ҳәм барлық тараўларда кеңнен қолланылып атырғанын көрип турмыз.

Ҳәр қандай мәмлекеттиң узақ келешекте де бәсекиге шыдамлы болыўы ҳәм турақлы раўажланыўы әйне усы факторларға байланыслы.

Усы мүнәсибет пенен биз бул бағдардағы бағдарламалар менен жойбарларды әмелге асырыў мақсетинде, инновациялық раўажланыў ушын жуўапкер болған уйымлар, илимий-изертлеў орайлары ҳәм венчур компанияларымыз арасында жақын бирге ислесиўди жолға қойыўды ҳәм кеңейтиўди усыныс етемиз.

Төртиншиден, туризмди раўажландырыў бойынша кең имканиятлар бар.

Биз Түркий тиллес мәмлекетлер бирге ислесиў кеңесиниң «Түркий кеңес – Заманагөй Жипек жолы» деп аталған биргеликтеги туристлик жойбарын қоллап-қуўатлаймыз.

Өзбекстанның ески Хийўа қаласын 2020-жылы Түркий әлемниң мәдений пайтахты, деп жәриялаў мәселесин көрип шығыўды усыныс етемиз.

Регионымыз халықлары ислам цивилизациясының бийбаҳа мәдений-тарийхый мийрасына және муқаддес зыярат етиў орынларына ийе, деди Президентимиз. Бул дүрданалардың үлкен бөлеги ЮНЕСКО тәрепинен жәҳән мәдений мийрасы дизимине киргизилген.

Әне сол бийбаҳа мийрасты есапқа ала отырып, еллеримиз арасында зыярат туризмин кеңнен раўажландырыўды усыныс етемиз.

Бесиншиден, мәдений-гуманитарлық тараўдағы байланысларды ҳәр тәреплеме беккемлеў үлкен әҳмийетке ийе. Усы мүнәсибет пенен кейинги ўақытта Орайлық Азия еллеринде бул тараўда топланған унамлы тәжирийбеге тоқтап өтпекшимен.

Биз өз-ара бирге ислесиўди раўажландырыўда регионымыз халықларының бай тарийхы ҳәм мәдениятына, мәнаўий-әдеп-икрамлық қәдириятларына, дослық ҳәм аўызбиршилик дәстүрлерине сүйенип жумыс алып бармақтамыз.

Ммәлекетимиз басшысы бул бағдарда әмелге асырылған жумысларға айқын мысаллар сыпатында 2018-жылдың Қазақстанда Өзбекстан жылы деп жәрияланғаны, Өзбекстан, Түркменстан, Қырғызстан ҳәм Тәжикстанда биргеликте өткерилген Мәденият күнлери ҳәм қоспа концертлер, фестивальлар, көргизбелер ҳәм басқа да көплеген илажларды айтты. Олар мәмлекетлеримиз халықлары арасында үлкен қызығыўшылық оятты.

Усындай унамлы тәжирийбени Түркий тиллес мәмлекетлер кеңеси шеңберинде, оның барлық ағзаларының қатнасыўында өткериў мақсетке муўапық болар еди.

Биз түркий тиллес мәмлекетлердиң уллы жазыўшылары, илимпаз ҳәм ойшыллары дөретпелериниң бирден бир электрон каталогын жаратыўды да усыныс етемиз.

Алтыншыдан, бизиң дөретиўшилик руўхтағы бағдарламаларымыз бенен режелеримиз тек ғана тынышлық ҳәм турақлылық шараятында әмелге асырылыўы мүмкин екенин бәршемиз жақсы түсинемиз.

Сол ушын көп тәреплеме бирге ислесиўимиздиң тийкарын қурайтуғын мәселелерден бири еллеримиз ҳуқық қорғаў уйымларының терроризм, экстремизм, шөлкемлескен жынаятшылық, нәшебентлик ҳәм адам саўдасына қарсы гүресиў бойынша өз-ара ис-ҳәрекетлеримизди муўапықластырыўдан ибарат болыўы зәрүр, деди Шавкат Мирзиёев.

Бүгинги қәўетерли заманда жасларды илим-ағартыўшылық тийкарында тәрбиялаў, оларды жат ҳәм зыянлы идеялардың тәсиринен қорғаўда ислам цивилизациясының бийбаҳа руўхый мийрасы ҳәм қәдириятлары оғада үлкен әҳмийетке ийе.

Усы көзқарастан, Өзбекстан Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамлеясының «Ағартыўшылық ҳәм кеңпейиллик» бойынша арнаўлы резолюциясын қабыл етиў басламасын илгери сүрди.

Түркий тиллес мәмлекетлер кеңесине ағза мәмлекетлер бизиң бул басламаларымызды қоллап-қуўатлайды, деп исенемен.

Бабаларымыздың қалдырған бай мийрасты ҳәр тәреплеме терең үйрениў, муқаддес динимиздиң тийкарғы адамгершилик мазмунын халқымыз ҳәм дүнья жәмийетшилигине жеткериў мақсетинде биз Өзбекстанда Ислам цивилизациясы орайын, ислам дининиң жақсылық, әдалат ҳәм адамгершилик идеялары тийкарында миллетлер менен халықларды бирлестириўге умтылған уллы ойшыл бабамыз Имам Бухарий атындағы халықаралық  илимий-изертлеў орайын, «Жаўызлыққа қарсы – ағартыўшылық» деп аталатуғын әҳмийетли принципимизди әмелге асырыўда тийкарғы орын ийелейтуғын халықаралық Ислам академиясы сыяқлы илимий-ағартыўшылық структураларды дүздик.

Түркий тиллес мәмлекетлер кеңесине ағза мәмлекетлердиң жетекши илимпазларын ҳәм қәнигелерин бул структуралар менен жедел бирге ислесиў орнатыўға шақырамыз ҳәм бул бағдарда барлық әмелий жәрдемди көрсетиўге таяр екенимизди атап өтпекшимен, деди Президентимиз.

Өзбекстан бүгин, кейинги он жыл даўамында биринши мәрте Түркий тиллес мәмлекетлер бирге ислесиў кеңесиниң әнжуманына қатнаспақта.

Биз кейинги ўақытта бул кеңеске ағза мәмлекетлер менен, бәринен бурын, региондағы жақын қоңсыларымыз бенен сиясий, саўда-экономикалық, илимий-техникалық, мәдений-гуманитарлық ҳәм басқа да тараўлар бойынша еки тәреплеме бирге ислесиўимизди және де күшейтпектемиз. Бул Өзбекстанның Түркий тиллес мәмлекетлер бирге ислесиў кеңеси шеңберинде бирге ислесиў қатнасықларын раўажландырыўы ушын жаңа имканиятлар жарататуғынын атап өтиў зәрүр, деди мәмлекетимиз басшысы.

Биз бул халықаралық структураның келешек перспективасына ҳәм онда Өзбекстанның белсене қатнасыўына үлкен үмит ҳәм исеним менен қараймыз.

Бул кеңес шеңберинде мәмлекетлеримиз арасында өз-ара нәтийжели бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўдан мәпдармыз.

Ҳәзирги басқышта оның жумысында елимиз ушын әмелий жақтан қызығыўшылық оятатуғын бағдарлар бойынша қатнасыўға таяр екенимизди билдиремен, деди Шавкат Мирзиёев.

Биз Кеңес шеңберинде алдын қабыл етилген көп тәреплеме келисимлерге Өзбекстанның қосылыўына байланыслы мәселелерди әлбетте ҳәр тәреплеме көрип шығамыз.

Буннан соң бизиң Түркий кеңес пенен бирге ислесиў тараўларымыз ҳәм бағдарларымыз логикалық ҳәм тәбийғый мазмунға ийе болады.

Бүгинги саммитимиз нәтийжелери мәмлекетлеримиздиң нәтийжели бирге ислесиўи ушын жаңа имканиятлар ашатуғынына, еллеримиз ҳәм халықларымыздың раўажланыўына хызмет ететуғынына исенемен.

Пурсаттан пайдаланып, туўысқан Қырғызстан диярында күни кеше басланған Көшпели халықлардың улыўма дүнья жүзилик ойынлары мазмунлы ҳәм жоқары дәрежеде өтиўин тилеймен, деди сөзиниң жуўмағында Өзбекстан Республикасы Президенти

ӨзА