Алдын хабар еткенимиздей, Президентимиз Ш.Мирзиёевтың «Уллы келешегимизди мәрт ҳәм кең пейил халқымыз бенен бирге қурамыз!» китабында алға қойылған идеяларды халыққа турмыслық мысаллар менен үгит-нәсиятлаў мақсетинде елимизде мийманда болып турған Республикаға белгили бир топар көрнекли мәденият, көркем өнер ҳәм әдебият ўәкиллери 9-сентябрь күни Шымбай районында болды.
Районда болып өткен илажларда белгили киноактёр Шавкат Камилов, Өзбекистанға хызмет көрсеткен артист, актриса Миясар Бердиқулова ҳәм басқалар шығып сөйлеп, ғәрезсизлик жыллардындағы елимиздеги жаңаланыўлар менен өзгерислерди, пидайы халқымыздың дөретиўшилик мийнетлери туўралы мысалларда айта келип, жасларымызды турмыс қәлпимизге жат иллетлерге аяўсыз қарсы гүресиўге шақырды.
Илажда көркем өнер ғайраткерлери атқарған роллеринен үзиндилер қойылып, Ўатан ҳаққындағы жазған қосықларынан оқылды.
«Ниҳол» сыйлығының лауреаты, «Дурдана» топары қосықшыларының атқарыўында лапызлы саз-сәўбетлери қатнасыўшыларға айрықша заўық бағышлады.
Буннан кейин республикалық «Жарқын келешек» газетасының бас редакторы Б.Сапаров, аўыл турғыны Г.Оразымбетова ҳәм басқалар шығып сөйлеп, Шымбай ески қала екенлигин бул жерден белгили халық батырлары, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик искерлер, Мийнет Қаҳарманлары, Өзбекистан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры, Өзбекистан Қаҳарманы Ибрайым Юсупов усаған белгили жазыўшы-шайырлар, қыссаханлар, илим докторлары өсип жетискенлигин мақтаныш тутты.
Илаж соңында мектеп директорыТ. Палўаниязова, район ҳәкиминиң орынбасары У.Қәлилаевлар қымбатлы ўақытларын бөлип келген ташкентли мийманларға мектеп жәмәәти, район ҳәкимияты атынан миннетдаршылығын билдирди.
Илаж халық пенен ашықтан-ашық пикирлесиў, өз-ара сораў-жуўап жағдайында жүдә тәсирли, есте қаларлықтай болып өтти.
Фото: Илаждан көринислер
Қарақалпақстан хабар агентлиги