Бүгин – 5-сентябрь күни елимиздеги барлық билимлендириў мәкемелеринде 2018-2019-оқыў жылы басланып, орынларда «Билимлер күни» байрам илажлары өткерилди.

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында да жаңа оқыў жылының дәслепки күни – «Билимлер күни» байрамы болып өтти.

Байрам илажы Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери менен басланды.

Кешени институттың жаслар менен ислесиў мәселелери бойынша проректоры Қ.Қадиров алып барды.

Илажды институт ректоры Б.Отемуратов кирис сөз бенен ашып берди. Институт ректоры өз сөзинде бүгинги күнде ҳүкиметимиз ҳәм Президентимиздиң тиккелей басламасы менен билимлендириў, әсиресе, жоқары мағлыўматлы, ҳәр тараўда жетекши кадрларды жетилистириўде әҳмийетли есапланған жоқары билимлендириўге берилип атырған итибар және ғамқорлықлар, қолға киргизилип атырған табыслар ҳәм алда турған ўазыйпаларға тоқталды. Жыйналғанларды Ғәрезсизлигимиздиң 27 жыллығы ҳәм «Билимлер күни» байрамы менен қутлықлады.

Буннан соң академик Ж.Базарбаев, Өзбекстан Қаҳарманы Ғ.Хожаниязов, Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамы баслығы К.Кәримов, профессор, Қарақалпақстан халық жазыўшысы К.Алламбергенов ҳәм институт профессор-оқытыўшылары сөзге шығып, жаңа оқыў жылының басланыўы менен бәрше жыйналғанларды қутлықлады, студентлердиң алдағы оқыўларына табыслар тиледи.

Байрам салтанаты студентлердиң ант бериў илажы менен даўам етти. Студентлер атынан быйылғы жылы «Мард ўғлон» мәмлекетлик сыйлығының лауреаты болып, институттың миллий идея, руўхыйлық тийкарлары ҳәм ҳуқықый билимлендириў бағдарына тест сынақларысыз қабыл етилген Ш.Генжегулов оқыўда ҳәм жәмийетлик жумысларда белсендилик көрсетиўге, инситуттың ишки тәртип-қағыйдаларын ҳүрмет етип, оларға әмел етиўге ҳәм қәнигели билим алыўға бар күш-жигерин жумсаўға ант берди.

Соңынан институт ректоры Б.Отемуратов студентлерге «Билимлер гилти»н салтанатлы түрде тапсырды.

Институтқа ең жоқары балл топлап, сондай-ақ, пән олимпиадаларында ҳәм спорт жарысларында жеңимпазлықты қолға киргизип, тест сынақларысыз студент болыў бахтына ерискен студент-жасларға студентлик гүўалықлары тапсырылды.

Илаж соңында студентлик бахтына ерискен жаслар шығып сөйлеп, билдирилип атырған үлкен исеним ушын миннетдаршылық билдирди.

«Билимлер күни» институттың 281 бакалавр ҳәм 38 магистратура бағдарларындағы академиялық топарларда «Ғәрезсизлик сабақлары» менен даўам етти.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.