Бүгин университетте студент-жаслардың тәлим-тәрбиясы бойынша ата-аналар менен бирге ислесиўди және де жақсылаў, олар менен үзликсиз байланысты тәмийинлеў мақсетинде жаңа оқыў жылы алдынан “Ата-аналар күни” өткерилди. Бул ҳаққында университет баспасөз хызмети хабар бермекте.

Мәжлиске университет ректораты, профессор-оқытыўшылар, жәмийетлик шөлкемлер, Нөкис қаласы Мусылманлар қазыяты ўәкиллер ҳәмде студентлердиң ата-аналары катнасты.

Мәжлис қатнасыўшыларына мәмлекетимиз тәрепинен билимлендириў системасына қаратылып атырған итибар, жаратылған имканиятлар, университеттиң ишки тәртип қағыйдалары сондай-ақ, ҳәзирги күнде жаслар тәрбиясына кери тәсирин тийгизип атырған ғалабалық мәденияттың унамсыз көринислери ҳәм оның жаслар тәрбиясындағы аянышлы ақыбетлери ҳаққында кең түрде мағлыўматлар берилди.

Сондай-ақ, Нөкис қаласы Мусылманлар қазыяты ўәкиллери бүгинги күнде жаслардың динге берилип кетиўиниң алдын алыў, олардың мәмлекет тәрепинен белгиленбеген жерлерде диний билим алыўына жол қоймаў, қызлардың ҳижабқа кирип кетиўиниң алдын алыў, мәмлекетимиздиң дүньялық мәмлекет екенлиги, Нызамшылығымызда дин еркинлиги белгиленгенлиги бул бағдарда диний шөлкемлердиң мәмлекетлик шөлкемлер менен тең ҳуқықлы екенлиги (Өзбекстан Республикасы Конституциясының 61-статьясы) сондай-ақ, Нызамға бойсынбастан өз басымшалық пенен ис тутқан ата-ана, педагог ҳәм басқа да шахслар нызам алдында жуўапкершиликке тартылыўы ҳаққында айтып өтти.

Университет басланғыш ҳаял-қызлар шөлкеми қәнигелери тәрепинен студентлердиң тәртип-интизамы ҳәм олардың университет ишки тәртип қағыйдаларында белгиленген  өлшемлер тийкарында белгиленген кийиниў мәдениятына әмел қылыўы керек екенлиги түсиндирилди.

Ушырасыў даўамында университет ректораты жәмийетлик шөлкемлер ҳәмде ата-аналар менен биргеликте студентлердиң тәлим-тәрбиясына байланыслы мәселелерди көрип шықты, олардың пикир ҳәм усыныслары талқыланады.

Мәжлис соңында ата-аналарға «Ҳужрадаги зулмат» видеофильми қойып берилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги