Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты магистратура бағдарына 2018-2019-оқыў жылы ушын қабыллаў өткерилген имтихан нәтийжелери тастыйықланды.

2018-2019-оқыў жылы ушын жәми 58 магистрант қабылланған болып, олардың 14 и мәмлекетлик грант, 44 и төлемли контракт тийкарында оқыўға қабыл етилди.

Алдын хабар берилгениндей, магистратура имтиханлары быйылғы жылдан баслап өзгерип, атап айтқанда, «Магистратура ҳаққындағы Реже»ниң 14-бәнтине муўапық, «Демократиялық жәмийет қурыў теориясы» ҳәм «Информатика» пәнлеринен болып өтетуғын имтиханлар алып тасланып, оның орнына қәнигелик пәни ҳәм шет тилинен имтиханлар болып өтти.

Мағлыўмат ушын, быйылғы жылы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтына жәми 14 қәнигелик бойынша студентлерден ҳүжжетлер қабылланды. Қабыллаў жуўмақларына муўапық, жәми 138 студенттен арза ҳәм ҳүжжетлер келип түскен.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.