Өзбекстан 2025-жылға барып пахта талшығын экспорт етиўден ўаз кешиў ҳәм ишки базарда толық қайта ислеўди тәмийинлеўди жобаластырмақта. Бул ҳаққында «Өзтоқымашылықсанаат» ассоциациясының стратегиялық прогнозлаў департаменти баслығы Дилбар Муҳаммедова мәлим етти, деп жазады Daryo.uz.

– Алдымызға 2025-жылға барып пахта талшығы экспортын толық тоқтатып, мәмлекетимиз ишинде қайта ислеў ўазыйпасы қойылғын. Бул ўақытқа барып экспорт көлеми 4,7 есеге артып, 7,1 миллиард долларға шекем жетиўи күтилмекте. Усы жылы болса тармақлық кәрханалар 520 мың тонна пахта талшығын қайта ислеўи мүмкин, – дейди Д.Муҳаммедова.

Мағлыўмат ушын, Өзбекстанда ҳәр жылы 3,5 миллион тонна пахта шийки заты ҳәм 1-1,2 миллион тонна пахта талшығы ислеп шығырылады. Талшықтың 50 процентке шамаласы экспортқа жибериледи.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги