Усы жылдың 5-сентябрь күни республикамыздағы барлық жоқары оқыў орынларында 2018-2019-оқыў жылы басланатуғынлығы ҳаққында хабар берген едик.

Жаңа оқыў жылы алдынан бүгин – 4-сентябрь күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының барлық факультетлеринде студентлердиң ата-аналары менен ушырасыў кешелери шөлкемлестирилди.

Ушырасыўларға қатнасқан институт ректоры Байрам Отемуратов студентлерге тәлим-тәрбия бериўде билимлендириў мәкемелери менен ата-аналардың тығыз байланыс орнатыўы, оның унамлы нәтийжелери ҳәм келешек әўладларды тәрбиялаўдағы әҳмийетине кең түрде тоқталды.

Буның ушын ата-аналар тәрепинен басшылыққа алынатуғын айрым мәселелерди айта келип, соның менен бирге, ата-аналардың институт жәмәәтинен нелерди күтип атырғаны, қандай тилек ҳәм усыныслары, пикирлери бар екенлиги менен қызықсынды ҳәм жыйналғанлар менен өз ара сораў-жуўап формасында пикир алмасылды.

Ушырасыўларда институт проректорлары, факультетлер деканлары ҳәм профессор-оқытыўшылар, сондай-ақ, ата-аналар сөзге шығып, жас әўладты тәрбиялаў, оларға жоқары билим бериўдей ийгиликли ислерде алдағы биргеликте исленетуғын ўазыйпаларды белгилеп алды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.