Елимиз ғәрезсизлигиниң 27 жыллығы мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң атына сырт еллер ҳәм ҳүкиметлер, абырайлы халықаралық шөлкемлердиң басшыларынан шын жүректен қутлықлаўлар келмекте. Оларда Өзбекстан халқына раўажланыў ҳәм абаданлық, мәмлекетимиз басшысына табыслар тилеп, жақсы тилеклер билдирилген.
Өзбекстан Республикасы Президенти
Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа
Уллы Мәртебели Мырза!
Өзбекстан Республикасы халқын Ғәрезсизлик күни менен шын жүректен қутлықлаў маған үлкен қуўаныш бағышлайды.
Бирлескен Миллетлер Шөлкеми оған ағза мәмлекетлердиң ҳәр түрлилиги менен абырайлы болып табылады. «Биз, халықлар» шөлкемимиз Уставында беккемлеп қойылған қәдириятларды қоллап-қуўатлаў жолында бирлессек, жумысымыз күшейип бара береди. Бүгингидей глобаллық қәўип-қәтерлер, соның менен бирге, үлкен имканиятлар дәўиринде усы жақсы қәдириятлар бизди бирлестирип туратуғын байланыстырыўшы фактор болып хызмет етеди.
Елиңиз усы миллий байрамды белгилеп атырған күнлерде Сизди исендирип айтаман, мен Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң нәтийжелилигин арттырыў ҳәм ҳәмме ушын тынышлықты, турақлы раўажланыў ҳәм инсан ҳуқықларын тәмийинлеў жолында белсене жумыс алып бараман.
Уллы Мәртебели Мырза, Сизге болған жоқары ҳүрметимди қабыл еткейсиз.
Антониу ГУТТЕРИШ
Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Бас хаткери
* * *
Сондай-ақ, төмендегилер өз қутлықлаўларын жоллаған:
Уллы Британия ҳәм Шығыс Ирландия Бирлескен Патшалығының Патшайымы Елизавета II
Испания Патшасы Филипп VI
Нидерландлар Патшасы Виллем-Александр
Швеция Патшасы Карл XVI Густав
Швейцария Президенти Ален Берсе
Греция Президенти Прокопис Павлопулос
Австралия Генерал-губернаторы Питер Косгроув
ШБШ Бас хаткери Рашид Алимов
Қутлықлаўлардың келиўи даўам етпекте.
ӨзА