Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мирәт етиўи бойынша 2018-жыл 4-5-сентябрь күнлери Египет Араб Республикасы Президенти Абдулфаттоҳ Саид Ҳусайн Халил ас-Сиси рәсмий сапар менен елимизде болады.

Болажақ жоқары дәрежедеги ушырасыўларда Өзбекстан-Египет бирге ислесиўин раўажландырыўдың перспективалы бағдарларын додалаў және халықаралық ҳәм регионаллық сиясаттың әҳмийетли мәселелери бойынша пикир алысыў режелестирилген.

Пикирлесиўлер жуўмағында мәмлекет басшыларының Бирликтеги билдириўиниң қабыл етилиўи, Өзбекстан ҳәм Египет арасында сиясий, саўда-экономикалық, туризм,  илим, билимлендириў, мәденият ҳәм спорт тараўларындағы бирге ислесиўди беккемлеўге ҳәм кеңейтиўге қаратылған салмақлы ҳүкиметлераралық ҳәм уйымлараралық ҳүжжетлерге қол қойылыўы күтилмекте.

ӨзА