Әдиллик министрлигиниң «Ҳуқуқий ахборот» каналы Өзбекстаннан алып шығылыўы мүмкин болмаған предметлер ҳаққында мағлыўмат берди.
Онда жазылыўынша, төмендегилер Өзбекстан Республикасы аймағынан алып шығылыўы мүмкин емес:
– елиў жыл ҳәм оннан алдын жаратылған мәдений байлықлар;
– мәмлекет тәрепинен қорғаў дизимлери ҳәм реестрлерине киргизилген мәдений байлықлар;
– Өзбекстанның мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик музейлери, архивлери, китапханалары ҳәм басқа сақлаў орынларында турақлы түрде сақланып атырған мәдений байлықлар.
Қарақалпақстан хабар агентлиги