Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов қатнасты. Биринши Президентимиз Ислам Кәримов еске алынып, Қуран оқылды.
Халқымыз Биринши Президентимиз Ислам Кәримовтың мәңги атын бәрқулла ҳүрмет ҳәм иззет пенен еске алады. Өйткени, бул уллы инсан тәрепинен елимиздиң раўажланыўы, халқымыздың абаданлығы жолында әмелге асырылған жумыслардың қәдири ўақыт өткен сайын артып бара береди. Бул инсанның ийгиликли жумысларын халқымыз ҳеш қашан умытпайды.
Илажға министрлик ҳәм ведомостволар, кең жәмийетшилик ўәкиллери ҳәм нураныйлар қатнасты.
Мақсет Ҳабибуллаев (сүўрет), ӨзА.