Ассалаўма әлейкум, қәдирли ўатанласлар!
Ҳүрметли мийманлар!
Ханымлар ҳәм мырзалар!
Бәринен бурын, сиз әзизлерди, сизлер арқалы пүткил халқымызды ең уллы, ең әзиз байрамымыз – Ғәрезсизлик күни менен шын жүректен қутлықлаўға рухсат еткейсиз.
Биз ушын жаңа дәўир, еркин ҳәм азат турмысты баслап берген усы қутлы сәнеде халқымыз қандай машақатлы ҳәм соның менен бирге мақтанышлы жолды басып өткенин және бир мәрте терең сеземиз.
Мине усындай уллы әййямда пүткил өмирин азатлық ушын гүреске бағышлаған, бул жолда жан пидә еткен ата-бабаларымыз, мәрт ҳәм батыр жерлеслеримиздиң естелигине ҳүрмет етемиз.
Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң тийкарын салыўшысы, Бирнинши Президентимиз ҳүрметли Ислам Әбдиғаниевич Кәримовтың мәңги исмин ҳүрмет ҳәм иззет пенен еске аламыз.
Әзиз дослар!
Ғәрезсизлик нәтийжесинде биз дүнья жәмийетшилигиниң тең ҳуқықлы ағзасы болып, айдын келешегимизди өз қолымыз бенен қурмақтамыз.
Ғәрезсизлик жылларында ерискен жетискенликлерге сүйенип миллий тиклениўден – миллий раўажланыўға қарай исенимли қәдем тасламақтамыз.
Мәмлекетимиздиң раўажланыўын және де жоқары басқышқа көтериў мақсетинде Ҳәрекетлер стратегиясын қабыл еттик. Бул бийбаҳа ҳүжжетте белгиленген уллы ўазыйпаларды әмелге асырыўға беккем кирискенимиз биз ушын жаңа шеклер ҳәм имканиятлар ашып бермекте.
Дүнья жүзинде бәсеки кескинлесип баратырған ҳәзирги қыйын дәўирде елимизди илимниң жетискенликлери, жоқары технологиялар тийкарында модернизациялаў ҳәм жаңалаў ең әҳмийетли ўазыйпамызға айланбақта. Әне усындай өткир талапты терең түсинген ҳалда, биз 2018-жылды елимизде Белсенди исбилерменликти, инновациялық идеяларды ҳәм технологияларды қоллап-қуўатлаў жылы, деп жәрияладық.
Бул бағдарда қабыл етилген Мәмлекетлик бағдарламада 11 триллион 200 миллиард сум ҳәм 1 миллиард 300 миллион АҚШ доллары көлеминдеги жумысларды әмелге асырыў нәзерде тутылған. Бағдарламаның орынланыўын тәмийнлеў ушын кең көлемде үлкен жумыслар алып барылмақта.
Елимизде белсенди инвестициялық сиясат жүргизилмекте, заманагөй кәрханалар қурылмақта, салық системасы түп-тийкарынан реформаланып, исбилерменликти және жеке меншикти раўажландырыў, барлық тараў ҳәм тармақларда инновация, илим жетискенликлери жаңаша ҳәм дөретиўшилик қатнас жасаўды енгизиўге айрықша итибар берилмекте. Аўыл хожалығында заманагөй, перспективалы тармақларға тийкар салыў, кластер системасын жолға қойыў, фермер хожалықларының нәтийжелилигин күшейтиў бойынша әмелий жумыслар алып барылмақта.
Әне усындай үлкен ис-ҳәрекетлеримиздиң нәтийжесинде елимизде макроэкономикалық турақлылық тәмийинленбекте.
Биз ушын ең тийкарғы ўазыйпа болған халықтың турмыс дәрежесин ҳәм сапасын арттырыў бойынша үлкен көлемдеги жумыслар әмелге асырылмақта.
Әсиресе, «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламалары елимиздиң ең шетки аймақларына да жаңаланыў нәпесин, дөретиўшилик руўхын алып кирмекте. Адамлардың пикири, көз қарасы өзгермекте, аўылда турмыс мәденияты артып бармақта.
Пүткил елимизди өз ишине алған бул бағдарламалар шеңберинде 416 аўылда ҳәм 105 мәҳәлледе қурылыс-абаданластырыў жумыслары жедел даўам етпекте. Булардың бәри жанажан Өзбекстанымыздың жаңа, абат келбетин жаратыў, халқымыздың абаданлығын арттырыўға хызмет етпекте.
Халқымыздың заманагөй турақ жайға болған талап ҳәм зәрүрликлерин тәмийинлеў мақсетинде быйыл 13 мың 900 ден аслам шаңараққа мөлшерленген 335 көп қабатлы турақ жай пайдаланыўға тапсырылды. Жылдың ақырына шекем бул цифр 2017-жылға салыстырғанда 2 есеге көбейеди.
Әне усы бағдардағы жумыслар аўыллық жерлерде де жаңаланған жойбарлар тийкарында алып барылмақта. Ҳәзирги күнге шекем аўылларда 40 мың шаңарақ жаңа квартираға көшип өтти.
Бул бағдарда биз бурын жеткиликли итибар бермеген әҳмийетли мәселе – яғный, кем тәмийинленген, майыплығы болған инсанларға айрықша ғамқорлық көрсетилмекте. Бунын тастыйығын өткен 2 жылда 1000 нан аслам усы категорияға киретуғын инсанлар турақ жай менен тәмийинленгени мысалында көриў мүмкин.
Әлбетте, бәршемизди қуўандыратуғын бундай өзгерислер мың-мыңлаған шаңарақлардың турмысына шадлық ҳәм бахыт алып келмекте.
Әлбетте, турмыста мине усындай қуўанышлы ўақыялар жүз бергенде инсанның қәдди де, қәдири де көтериледи. Бундай ўақытларда әдиллик ҳаққында сөз етпесеңиз де адамлар ҳақыйқат ҳәм әдиллик бар екенине исенеди.
Илайым, елимизде жай тойлар, ҳәўли тойлар және де көбейсин, бул квартираларда жаңа турмыс баслап атырған адамлар мақсет-муратына жетсин!
Халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, ҳәр бир шаңарақта исбилерменлик орталығын жаратыў бойынша зәрүр илажлар көрилмекте.
Соңғы еки жылда елимиз бойынша 700 мыңнан аслам ўатанласларымыз жумыс пенен тәмийинленгени, коммерциялық банклер тәрепинен исбилерменлерге 25 триллион сум муғдарында кредит қаржылары ажыратылғаны әне усындай ис-ҳәрекетлердиң нәтийжеси болып табылады.
Ҳүрметли ўатанласлар!
Биз елимизде қандай бағдарлама ҳәм режелер қабыл етсек, олардың барлығында үмитимиз, келешегимиз болған жасларымыздың мәплерин айрықша есапқа алмақтамыз.
Бул ҳаққында сөз етилгенде, елимизде жаңа оқыў орынлары, сырт елдеги абырайлы университетлердиң филиаллары шөлкемлестирилип атырғаны, қабыллаў квоталары асырылғаны, көплеген бағдарлар бойынша сыртқы бөлимлердиң ашылғанын айрықша атап өтиў зәрүр.
Соның менен бирге, уллы алымларымыз атындағы арнаўлы мектеплер, аймақларымызда атақлы жазыўшыларымыз атындағы дөретиўшилик мектеплери жумыс баслағаны, жасларымыз арасында ҳәр қыйлы таңлаўлар ҳәм фестивальлар, спорт жарыслары турақлы өткерилип киятырғаны олардың илимий ҳәм дөретиўшилик жетиклигинде үлкен рол атқармақта.
Жәмийетимизде «Нызам ҳәм әдалат – үстин», «Жынаятқа жаза бар» деген әҳмийетли принциплерди тәмийинлеў, суд, прокуратура, ишки ислер уйымлары, адвокатура системасы жумысын жетилистириў, оларды шын мәнисинде инсан ҳуқықлары менен мәплерин қорғаўшыға айландырыў бойынша да үлкен жумыслар исленбекте.
Әне усындай өзгерислер себепли биз жыллар даўамында дерлик умытып қойған тәртип-интизам, нызам-қағыйда, адамлардың ҳақылы талаплары менен есапласыў сыяқлы ең әҳмийетли принциплер турмысымызда барған сайын терең орын ийелемекте.
Халқымызға тән кеширимли, мийрим-шәпәәтли болыў, кеңпейиллик ҳәм адамгершиликли пазыйлетлер тийкарында жәмийетимизде саламат социаллық орталық беккемленип бармақта.
Билип-билмей надурыс жолға кирип қалған, өз қылмысынан шын кеўилден пушайман болған пуқараларды әпиў етиў, оларды шаңарағының қушағына, пайдалы мийнетке қайтарыўға қаратылған илажлар ҳаққында сизлер жақсы хабардарсыз.
Күни кеше қабыл етилген Президент Пәрманына муўапық қылмысына шын кеўилден пушайман болған ҳәм дүзелиў жолына беккем бел байлаған, еркинен айырыў жазасын өтеп атырған 261 шахс Ғәрезсизлик байрамы мүнәсибети менен әпиў етилгени усы ийгиликли ислеримиздиң даўамы болды.
Көз алдыңызға келтириң 261 инсанның тәғдиринде бундай өзгерис – ол бәринен бурын, олардың шаңарағы, перзентлери, ата-аналары, жақынларының турмысына нур, қуўаныш алып кирди, дегени болып табылады.
Әзиз ўатанласлар!
Бүгин бир пикирди толық исеним менен айтыў мүмкин: пүткил жәмийетимизди қамтып алып атырған әне усындай ийгиликли ислеримиз себепли турмысымызда қут-берекет, миллетлер аралық дослық ҳәм мийрим-шәпәәт сезимлери күшейип бармақта.
Ең әҳмийетлиси, елимизди буннан былай да раўажландырыў жолында алып барып атырған ишки ҳәм сыртқы сиясатымыз ел-халқымыз тәрепинен қоллап-қуўатланбақта.
Халқымыздың разылығы – бизиң, биринши гезекте, Президент сыпатында мениң, барлық буўындағы басшылар менен жуўапкер адамлардың, депутат ҳәм сенаторлардың, пүткил мәмлекетлик уйымлардың жумысына берилген ең жоқары ҳәм әдалатлы баҳасы болып есапланады.
Егер халқымыз бизден разы болса, Жаратқан да әлбетте разы болады.
Бул ҳақыйқатты ҳеш ким ҳеш қашан умытпаўы зәрүр.
Ҳүрметли әнжуман қатнасыўшылары!
Мине, бүгин Ўатанымыз ғәрезсизлигиниң 27 жыллығы мүнәсибети менен мәмлекетимиздиң жоқары атақлары, орден ҳәм медальлары менен сыйлықланған ўатанласларымызға мине сол сыйлықлар орайда ҳәм орынларда салтанатлы түрде тапсырылды.
Өзиниң көп жыллық пидайы мийнети менен ел-халқымыз арасында үлкен абырай-итибарға ийе болған бул инсанларды өзимниң атымнан, сизлердиң атыңыздан және бир мәрте қутлықлап, жақсы тилеклеримди билдириўге рухсат еткейсиз.
Жанажан Өзбекстанымызда, барлық қалалар менен аўылларымызда сизлер сыяқлы пидайы адамлардың саны еле де кеңейип, уллы мийнетиңиз нәтийжесинен бәринен бурын өзиңиз, шаңарағыңыз, ел-халқыңыздың кеўли толсын!
Шаңарақларыңызды бахыт-ығбал, аўызбиршилик ҳеш қашан тәрк етпесин!
Қәдирли ўатанласлар!
Бүгин миллий раўажланыўымыздың жаңа басқышына қәдем қояр екенбиз, биз жетискенликлеримиз бенен бирге қәте ҳәм кемшиликлеримизди де терең таллап, оларды сапластырыў ҳаққында ойлаўымыз тәбийғый. Себеби бул жумысларды өзимиз ислемесек, ҳеш ким сырттан келип машқалаларымызды шешип бермейди.
Бул ҳаққында сөз болғанда, елимизде халық пенен пикирлесиўдиң пүткиллей жаңа ҳәм нәтийжели системасының енгизилгенин айтыў орынлы, деп ойлайман. Бүгинги күнде халық мәмлекетлик уйымларға емес, ал мәмлекетлик уйымлар халқымызға хызмет ете баслағаны ушын да адамлардың пикири, көзқарасы өзгермекте, ел-халқымыз өз күши менен имканиятларына, ертеңги күнге исеним менен қарамақта.
Соның ушын бир ҳақыйқатты атап өтпекшимен: халық пенен тиккелей пикирлесиў, оның дәрт-қайғылары менен жасаў, ел-халқымызды разы етиў – бул ўақтынша кампания емес. Бул – халқымыздың абадан турмысын, Ўатанымыздың раўажланыўын тәмийинлеўге қаратылған узақ мүддетли стратегия болып есапланады.
Әзиз дослар!
Бүгинги қәўип-қәтерли заманда бийбаҳа байлығымыз болған тыныш-татыў, еркин ҳәм абат турмысты ҳәр тәреплеме қәстерлеп сақлаў ҳәм беккемлеў ең тийкарғы ўазыйпамыз болып қалмақта. Сол мақсетте Қураллы Күшлеримиздиң жаўынгерлик потенциалын арттырыўға буннан былай да айрықша итибар қаратамыз.
Биз дүнья көлеминдеги кескин ҳәм аяўсыз бәсекиге шыдам бериў ушын экономикалық реформаларды тереңлестириў, дүнья базарынан мүнәсип орын ийелеў, елимиздиң экспорт потенциалын буннан былай да арттырыўға ерисиўимиз зәрүр.
Исбилерменлик жумысының еркинлигин, жеке меншик мүлкке қол қатылмаслығын буннан былай да кеңирек тәмийинлеў – алдымызда турған әҳмийетли ўазыйпа болып есапланады.
Бул бағдарда ири өндирис кәрханалары менен бирге, туризм, киши бизнес, шаңарақлық исбилерменлик, дийхан ҳәм қыйтақ жер хожалықларын, өнерментшиликти ҳәм жумысты үйге алып ислеўди раўажландырыўға айрықша әҳмийет қаратамыз.
Әсиресе, халықтың саламатлығын беккемлеў, халқымыздың турмысын буннан былай да жақсылаў, кем тәмийинленген қатламларды социаллық қорғаў, ис ҳақы, пенсия, стипендия ҳәм напақалар муғдарын арттырыў турақлы итибарымыз орайында болады.
Жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыў мақсетинде биз «Жаслар – келешегимиз» мәмлекетлик бағдарламасын қабыл еттик. Бул бағдарламаның орынланыўы ушын усы жылдың өзинде 786 миллиард сум қаржы қаратылмақта. Буның нәтийжесинде, соның ишинде, 100 мыңнан аслам жасларымыздың бәнтлиги тәмийинленеди.
Жас шаңарақларды заманагөй турақ жайлар менен тәмийинлеў, жасларды жумысқа жайластырыў, кәсип-өнерге таярлаў ҳәм қайта таярлаў бойынша белгиленген үлкен жумыслар избе-из даўам еттириледи.
Ҳүрметли ўатанласлар!
Усы күнлерде Индонезияда 45 мәмлекет ўәкиллери арасында болып өтип атырған жазғы Азия ойынларында нәўқыран спортшыларымыз жигерлилик ҳәм шеберлик көрсетип, 15 алтын, 19 гүмис, 19 бронза медальды қолға киргизгени ҳәммемизге қуўаныш бағышлайды.
Елимиз даңқын дүньяға танытқан спортшы жасларымызға, олардың ата-аналарына, устазлары менен тренерлерине сизлердиң атыңыздан, пүткил халқымыз атынан терең миннетдаршылық билдириўге рухсат еткейсиз.
Қәдирли әнжуман қатнасыўшылары!
Биз дүнья жәмийетшилиги менен, барлық узақ-жақын мәмлекетлер, биринши гезекте, қоңсы еллер менен дослық байланысларды буннан былай да күшейтемиз.
Ҳәр қыйлы халықаралық шөлкемлер, абырайлы финанс институтлары менен кең тармақлы бирге ислесиўди раўажландырыў бизиң миллий мәплеримизге толық жуўап береди ҳәм биз бул жолды қатаң даўам еттиремиз.
Пурсаттан пайдаланып, бүгинги салтанатлы мәресимде қатнасып атырған сырт еллердиң ҳүрметли елшилерине, халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллерине, сырт елли шериклеримизге, Өзбекстанның барлық досларына сизлердиң атыңыздан, өзимниң атымнан шын жүректен ҳүрмет-иззетимизди ҳәм жақсы тилеклеримизди билдириўге рухсат еткейсиз.
Әзиз ҳәм ҳүрметли ўатанласларым!
Барлығыңызды Өзбьекстан мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң жигирма жети жыллық байрамы менен және бир мәрте шын кеўлимнен қызғын қутлықлайман.
Мине усы уллы әййямда барлық жетискенликлеримиздиң дөретиўшиси ҳәм қурыўшысы болған мийнеткеш, мәрт ҳәм сақаўатлы, кең пейил ҳәм уллы халқымызға перзентлик меҳрим менен тәжим етемен.
Пурсаттан пайдаланып, кеўлимдеги ең жақсы тилеклерди билдирмекшимен.
Бүгин барлығымыз нураний ақсақалларымызға, ҳүрметли ветеранларымызға беккем денсаўлық, узақ өмир тилеймиз.
Уллы, дуўагөй аналарымызға шын жүректен перзентлик миннетдаршылығымызды билдиремиз.
Шаңарақларымыз көрки ҳәм периштеси болған меҳрибан ҳаялларымыз бәрқулла саў-саламат, бахытлы-саадатлы болсын! Себеби ҳаял, ана бахытлы болса – жәмийет бахытлы.
Ўатанымызға ҳәм халқымызға өзиниң билим ҳәм ақыл-парасаты, мәнаўий потенциалы менен хызмет етип атырған илимий ҳәм дөретиўши зыялыларымызға жаңадан-жаңа табыслар яр болсын!
Елимизде жасап атырған барлық миллет ҳәм дин ўәкиллери арасындағы дослық ҳәм татыўлық еле де турақлы болсын!
Күш-ғайратлы жасларымыздың, барлық перзентлеримиздиң бахыт-ығбалын, әўметин берсин!
Елимиз тыныш, аспанымыз ашық, халқымыз аман болсын!
Ғәрезсизлигимиз мәңги болсын!