Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Ғәрезсизлигимиздиң 27 жыллық байрамы алдындағы пәрманларына муўапық, мәмлекетимиздиң сырт мәмлекетлер менен бирге ислесиўин беккемлеў бағдарындағы үлкен хызметлери ушын бир қатар сырт ел пуқаралары Ўатанымыздың жоқары сыйлықлары менен сыйлықланған еди.

31-август күни елимиз тарийхында биринши мәрте сырт еллилерге Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик сыйлықларын тапсырыўға бағышланған салтанатлы мәресим болып өтти.

Онда Президент Шавкат Мирзиёев бүгин көп миллетли халқымыз Ўатанымыз ғәрезсизлигиниң 27 жыллығын кең белгилеп атырғанын, бул тарийхый сәнени биз бенен биргеликте мәмлекетимиздиң көп санлы дослары ҳәм шериклери ­ дипломатиялық корпус ҳәм халықаралық шөлкемлер, ири сырт ел компаниялары ҳәм финанс институтларының ўәкиллери байрамлап атырғаны ҳәммени қуўандыратуғынын айрықша атап өтти.

Бүгинги күнде Өзбекстан белсенди сыртқы сиясат жүргизбекте. Россия, Қытай, Қубла Корея, Германия, Япония, Орайлық Азия еллери ҳәм басқа да мәмлекетлер менен өз-ара пайдалы байланыслар жедел раўажланбақта. Дүньяның жетекши компаниялары, халықаралық шөлкемлер мәмлекетимиз бенен нәтийжели бирге ислесип келмекте.

Быйыл қоңсылас мәмлекетлер менен қатнасықлар және де жеделлести. Атап айтқанда, Президентимиздиң басламасы менен усы жылдың март айында Астана қаласында Орайлық Азия мәмлекет басшыларының биринши мәсләҳәт ушырасыўы өткерилди. Ҳәзирги ўақытта Тәжикстан Республикасы менен бирге ислесиўимиз стратегиялық дәрежеге көтерилди. Мәмлекетлеримиз Президентлериниң жигерлилиги ҳәм узақты гөзлеп жүргизип атырған сиясаты себепли дослық ҳәм шериклик қатнасықларын беккемлеў бойынша тарийхый жетискенликлерге ерисилди.

Мәмлекетимиз басшысы сырт елли шериклеримизге Өзбекстан менен қатнасықларды беккемлеўге қосқан үлкен үлеси ушын миннетдаршылық билдирди.

Президент Шавкат Мирзиёев Россияның «USM Holding» акционерлик жәмийетиниң шөлкемлестириўшиси ҳәм басшысы Алишер Усмановқа «Эл-юрт ҳурмати» ордени, Россияның «ЛУКОЙЛ» ашық акционерлик жәмийетиниң президенти Вагит Алекперов, Германияның «КНАУФ» кәрханалары топары қатнасыўшылары Кеңеси ағзасы Николаус Кнауфга «Дўстлик» орденлери, Тәжикстан Республикасы Бас министри Қоҳир Расулзода, Тәжикстан Республикасы Сыртқы ислер министри Сирожиддин Муҳриддинге «Фидокорона хизматлари учун» орденлери, Тәжикстан Республикасы Жазыўшылар аўқамының баслығы Низом Қосим, Тәжикстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў тараўы хызметкерлериниң маманлығын арттырыў институтының кардиохирургия кафедрасы баслығы Ташпулат Гулмуродовқа «Меҳнат шуҳрати» орденлери, Тәжикстан Республикасы Илимлер академиясы Қолжазбалар мийрасы фондының бөлим баслығы Али Муҳаммадиев, Тәжикстан Республикасы Геодезия ҳәм жерди басқарыў мәмлекетлик комитетиниң шегараларды делимитациялаў ҳәм демаркациялаў мәмлекетлик геодезиялық қадағалаў инспекциясының басқарма баслығы Ифтихор Жўраев, Тәжикстан Республикасы Илимлер академиясының С.Умаров атындағы физика ҳәм техника институты бас хызметкери Рахим Марупов, Тәжикстан Республикасы Жазыўшылар аўқамының ағзасы Ҳасан Бердиқуловқа «Дўстлик» орденлери, С.Айний атындағы опера ҳәм балет академиялық театры мәмлекетлик мәкемесиниң көркемлик басшысы Адҳам Холиқов, Тәжикстан Республикасы ҳүкимети жанындағы Телевидение ҳәм радио комитети «Фалак» мәмлекетлик ансамблиниң көркемлик басшысы Давлат Холовқа «Өзбекстан Республикасы халық артисти» ҳүрметли атақларын тапсырды.

Россияның «USM Holding» акционерлик жәмийетиниң шөлкемлестириўшиси ҳәм басшысы Алишер Усманов, Россияның «ЛУКОЙЛ» ашық акционерлик жәмийетиниң президенти Вагит Алекперов, Германияның «КНАУФ» кәрханалары топары қатнасыўшылары Кеңеси ағзасы Николаус Кнауф ҳәм Тәжикстан Республикасы Бас министри Қоҳир Расулзада Өзбекстан бүгинги күнде жәҳән жәмийетшилиги менен нәтийжели бирге ислесиў мақсетинде барлық мәмлекетлер, әсиресе, қоңсылас еллер менен дослық ҳәм өз-ара пайдалы байланысларды буннан былай да раўажландырыўға айрықша итибар қаратып атырғанын атап өтип, жоқары сыйлықлар ушын Президентимизге терең миннетдаршылық билдирди.

*   *   *

Президентимиздиң пәрманларына муўапық, ғәрезсизлигимиздиң 27 жыллығы алдынан мәмлекетимизди ҳәр тәреплеме раўажландырыўға үлкен үлес қосқан, өз тараўларында жоқары нәтийжелерге ерискен бир топар ўатанласларымыз ҳүрметли атақлар, орден ҳәм медальлар менен сыйлықланған еди.

Өзбекстан Халықаралық әнжуманлар сарайында әне усы жоқары сыйлықларды тапсырыў мәресими болып өтти.

Президентимиз жыйналғанларды Ғәрезсизлик байрамы, мәмлекетлик сыйлықларға ылайық болғаны менен қутлықлады.

– Мәмлекетимиз раўажланыўының жаңа дәўирине, жаңа басқышына қәдем қойдық. Келешегимизди Ҳәрекетлер стратегиясы тийкарында өз қолымыз, өз күшимиз бенен қурмақтамыз. Адамларды разы етиўди бүгинги сиясатымыздың бас мақсети, деп билемиз. «Өсиў», «раўажланыў» дегенде тек ғана цифрларға, муғдар көрсеткишлерине емес, бәринен бурын, олар адамлардың күнделикли турмысында, үйи ҳәм дастурханында қалай көринип атырғанына айрықша әҳмийет қаратпақтамыз, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Бүгинги күнде барлық тараўларда үлкен өзгерислер ҳәм жаңаланыўлар жүз бермекте. Мәмлекетимиздиң экономикалық қүдиретин арттырыў, аймақларды комплексли раўажландырыў, аўыл ҳәм мәҳәллелерди абат етиў, халқымыздың турмыс дәрежесин ҳәм сапасын буннан былай да арттырыў бағдарында кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта.

Бул жумысларға ылайықлы үлес қосып атырған, өзиниң пидәкерлик мийнети, Ўатанға садықлығы менен ел-журтқа үлги болып атырған инсанлардың хызмети мүнәсип қәдирленбекте. Ҳәр қыйлы сәнелер ҳәм кәсиплик байрамлар мүнәсибети менен онлаған пидайы ўатанласларымыз мәмлекетимиздиң жоқары сыйлықлары менен сыйлықланбақта. Усы жылдың өткен дәўиринде ҳәр қыйлы сәнелер мүнәсибети менен көплеген ўатанласларымыз ҳүрметли атақлар, орден ҳәм медальлар менен сыйлықланды. Ғәрезсизлик байрамы алдынан олардың қатары және де кеңейди.

– Сизлердиң көпшилигиңизди жақыннан таныйман. Ҳәр бириңизди өз мийнети, жанкүйерлиги ҳәм инталылығы менен бәршеге үлги болып атырған ҳүрметли инсанлар сыпатында қәдирлеймен, – деди Президентимиз. – Бәршеңизге бир тилегим – мине усындай жетискенликлер менен табысларды қолға киргизиўден ҳеш қашан шаршамаң.

Мәмлекетимиз басшысы сыйлықланғанларды және бир мәрте Ўатанымыз ғәрезсизлигиниң 27 жыллық байрамы менен қутлықлады ҳәм оларға денсаўлық, шаңарақлық бахыт, жумысларында үлкен табыслар тиледи.

 

ӨзА