«Уллы келешегимизди мәрт ҳәм кеңпейил халқымыз бенен бирге қурамыз!» атамасында пүткил мәмлекетимиз бойлап өткерилип атырған үгит-нәсият илажлары қатнасыўшылары 8-сентябрь күни Нөкис қаласына жетип келди.
Бул топар белгили эстрада атқарыўшылары, кино ҳәм театр актёрлары, жазыўшы ҳәм шайырлар, илимпазлар, «Ниҳол» сыйлығының лауреатларынан ибарат. Нөкис аэропортында мийманларды Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Д.Қурбаниязов, Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары М.Жуманов ҳәм пайтахт жәмийетшилиги нан-дуз, гүл дәстелери ҳәм саз-сәўбетлер менен күтип алды.
Илаж қатнасыўшылары төрт күн даўамында республикамыздың барлық қала ҳәм районларында болып, улыўма билим бериў мектеплеринде, академиялық лицей ҳәм кәсип-өнер колледжлеринде, жоқары оқыў орынларында, мәденият ҳәм көркем өнер орынларында, орайлық майдан ҳәм стандионларда, дем алыў бағларында, меҳрийбанлық ҳәм мүриўбет үйлеринде, әскерий бөлмлерде, аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынларында ушырасыўлар өткерип, елимизхде әмелге асырылып атырған кең көлемли илажлар, әпиўайы пуқаралардың турмысында жүз берип атырған унамлы өзгерислер ҳаққында ашықтан ашық ҳәм шын кеўилден сәўбетлесиўлер өткереди. Сондай-ақ, илаж даўамында дөгерек сәўбетлери, концерт ҳәм кеўил ашар илажлары, спорт жарыслары, жаслардың әскерий бөлимлерге сапары, халықтың ҳәм жаслардың социаллық қорғаўға мүтәж қатламына қайырқомлық илажларын өткериў режелестирилген.
9-сентябрь күни илаж қатнасыўшылары топарларға бөлинип Тахтакөпир, Қараөзек, Шымбай ҳәм Кегейли районларында, 10-сентябрь күни Төрткүл, Беруний, Елликқала, Әмиўдәрья районларында, 11-сентябрь күнлери Мойнақ, Қоңырат, Қанлыкөл, Шоманай рйонларында, 12-сентябрь күни Хожели, Тақыятас, Нөкис районы ҳәм Нөкис қаласында болады, онда халық пенен жүзбе-жүз сәўбетлесиўлер өткереди ҳәм илаж даўамында Президентимиз Ш.Мирзиёевтың жақында баспадан шыққан «Уллы келешегимизди мәрт ҳәм кең пейил халқымыз бенен бирге қурамыз» атлы китабында алға сүрилген идеяларды пуқараларға исенимли турмыслық мысаллар тийкарында әпиўайы ҳәм жүдә түсиникли усылда жеткерип береди. Соның менен бирге, жасларды улыўма инсаныйлық ҳәм миллий қәдириятлар, жоқары инсаныйлық пазыйлетлерге ҳүрмет руўхында тәрбиялаў, олардың сана сезими ҳәм қәлбин түрли идеологиялық, руўхый ҳәм мәмлимлеме қәўиплеринен исенимли қорғаў, оларда идеялық иммунитет ҳәм белсенди пуқаралық позициясын қәлиплестириў мәселелерине айрықша итибар қаратыў;
Ҳәр бир ушырасыў алдынан усы темаға бағышланған фото көргизбелер шөлкемлестириў, онда халқымыздың ғәрезсизликке шекемги дәўирдеги төмен дәрежедеги руўхый ҳәм социаллық турмысын және ғәрезсизлик жылларында турмысымызда жүз берген уллы өзгерислер ҳаққындағы фото сүўретлердиң халқымызға инам етилиўи, сондай-ақ, илаж шеңберинде бәрше мәкеме ҳәм оқыў орынларында жумыс алып барып атырған ҳәм билим алып атырған ҳәм бүгинги күнде ийгиликли ислери менен көпшиликке өрнек ҳәм үлги болып атырған ўатанласларымыздың өмир ҳәм мийнет жолы ҳаққындағы стендлер тамашагөйлердиң нәзерине усынылыўы нәзерде тутылған.
Байрам илажлары соңында қала ҳәм район орайларындаға орайлық ойын майданларында гала концертлер шөлкемлестириледи.
Байрам илажлары Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық сазлы театрында өткерилетуғын гала концерт пенен жуўмақланады.
Фото: Илаж қатнасыўшыларын күтип алыў мәресими
Қарақалпақстан хабар агентлиги