Тошкентда тайёрланган палов Гиннеснинг рекордлар китобидан жой олди

Пайтахтымыздың Сайилгоҳ көшесинде даўам етип атырған «O‘zbegim» миллий қәдириятлар фестивалы шеңберинде өзбекистанлық аспазлар тәрепинен 7 360 килограммлық палаў таярланды.

Палаў таярланыў процесин Guinness World Records ўәкиллери тиккелей бақлап барды.

– Гиннестиң рекордлар китабынан орын алыў ушын тағамға төрт тонна өним сарпланыўы керек еди, – дейди Guinness World Records ўәкили Ричард Стенинг. – Бүгин бул талап артығы менен орынланды. Палаўды таярлаў процесинде Гиннестиң рекордлары китабы талапларына толық әмел етилди. Демек, палаў таярлаў бойынша жәҳән рекорды орнатылды. Бул, әлбетте, Гиннестиң рекордлар китабынан орын алады.

Фестиваль процесслери: сүўретлер менен мына жерде танысың.

 

Зиёдулла Жонибеков, Насиба Зиёдуллаева, Аъло Абдуллаев (сүўрет), ӨзА