Өзбекистан Республикасы Илимлер академиясы Өсимлик элементлери химиясы институтында 7-сентябрь күни «Тәбийғый бирикпелер химиясы, биологиясы ҳәм технологиясы» темасында XII халықаралық симпозиум басланды.

Академик Сабыр Юнусов атындағы Өсимлик элементлери химиясы институтының 60 жыллық юбилейине бағышланып шөлкемлестирилген бул әнжуманда мәпдар министрликлер менен ведомстволардың, билимлендириў мәкемелериниң ўәкиллери, Өзбекистан, Россия, Қытай, Түркия, Қазақстан, Пакистан сыяқлы 10 нан аслам елден илимий ҳәм илимий-өндирислик орайлардың жетекши илимпазлары және қәнигелери қатнаспақта.

Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Өсимлик элементлери химиясы институтының жәмәәтине жоллаған қутлықлаўын Өзбекистан Республикасы Бас министри А.Арипов оқып еситтирди.

Өзбекистан Республикасы Илимлер академияси вице-президенти И.Абдураҳмонов, Өсимлик элементлери химиясы институтының директоры Ш.Саъдуллаев, Россия Илимлер академиясының академиги М.Юнусов, Қазақстан Республикасы Миллий Илимлер академиясының академиги С.Адекенов ҳәм басқалар бул дәстүрий форум илим саласын турақлы раўажландырыў, илимий исленбелерди жаратыў ҳәм экономиканың реал секторына енгизиўде айрықша әҳмийетке ийе еканин атап өтти.

Мәмлекетимизде илимниң басқа бағдарлары менен бир қатарда өсимлик элементлери химиясы, биологиясы ҳәм технологиясы тараўында да өзине тән илимий мектеп қәлиплескен. Өзбекистан Республикасы Илимлер академиясы Өсимлик элементлери химиясы институты Орайлық Азиядағы тәбийғый бирикпелер химиясын үйрениў, олардан дәрилик қураллар ҳәм аўыл хожалығы өсимликлери ушын химиялық препаратлар жаратыў, тараўда фундаменталь ҳәм әмелий излениўлер алып барыўға қәнигелескен ең ири илимий-изертлеў орайы есапланады.

Институт жәмәәтиниң көп жыллык излениўлери себепли елимиздиң өсимлик дүньясында медицинада қолланыў мүмкин болған, алкалоидлар, терпеноидлар ҳәм фенол бирикпелерин сақлаўшы 600 ге шамалас, эфир майларын сақлаўшы 250 ге жақын өсимлик түри анықланған. Изертлеўлер нәтийжесинде 3 мыңға шамалас бирикпе ажыратып алынған, 10 мыңнан аслам жаңа бирикпе синтезленген. 2 мыңнан артық бирикпениң фармакологиясы ҳәм токсикологиясы үйренилген, 60 дәрилик қурал сынақтан өткерилип, олардан 35 и медицинаға енгизилген.

Ғәрезсизлик жылларында 500 ден артық өсимлик түри үйренилип, олардан 1 мың 200 ден аслам элемент ажыратып алынған. 246 жаңа алкалоид, 12 проантоцианидин, 70 тен аслам флавоноид, 20 ға жақын кумарин, 27 дитерпен ҳәм тритерпен гликозидлер, 15 фитоэкдистероидлар, 4 иридоидлар дүзилиси дәлилленген. 5 мыңнан артық гетероциклик бирикпелер синтезленип, олардың активлиги үйренилген. Гетероциклик бирикпелердиң модификациясы имканиятларын кеңейтетуғын ассиметриялық орайлар жаратыў усыллары ислеп шығылды.

Соның нәтийжесинде 110 нан аслам исленбеге патент алынған ҳәм олардың 41 и әмелиятта қолланылмақта. Ҳәзирги күнде институт жанындағы тәжирийбе өндирислик кәрханасында 20 дан аслам дәрилик қурал субстанциялары ислеп шығарылмақта, жылына 100 тонна өсимлик шийки заты қайта исленбекте.

Илимий излениўлер нәтийжесинде фенасал, галантамин гидробромид, медамин, альбендазол, цитизин, кукумазим препаратлары ҳәм ИФА тест-системаларының айырым түрлери бойынша импорт орны толық қапланды. Институт илимпазлары тәрепинен жаратылған аллапинин дәрилик қуралы Россия Федерациясына экспорт етилмекте. Бул дәрини ислеп шыққан авторлар топары 2007-жылы Өзбекистан Республикасының илим ҳәм техника тараўында биринши дәрежели мәмлекетлик сыйлыққа миясар болған.

2016-жылы өткерилген 8X Инновациялық идеялар, технологиялар ҳәм жойбарлар республикалық ярмаркада Халықаралық интеллектуаллық мүлк шөлкеминиң «Ең жақсы ойлап табыў ҳәм оның коммерциализиясы ушын» алтын медалы «Антиаритмик активликке ийе қуралды алыў усылы» патенти ушын Өсимлик элементлери химиясы институтына тапсырылды.

­ Өзбекистанның өсимликлер дүньясы емлик қәсийетке ийе өсимлик түрлерине жүдә бай, – дейди Қытай Илимлер академиясы Синьцзян физика ҳәм химия техника институты директорының орынбасары, профессор Ҳажиакбар Айса. ­ Елиңизде бул имканияттан нәтийжели пайдаланыў, халықты арзан ҳәм сапалы дәрилик қураллар менен тәмийинлеў бағдарында избе-из жумыслар әмелге асырылмақта. Өсимлик элементлери химиясы институты биологиялық актив тәбийғый ҳәм синтетикалық бирикпелерди үйрениў және олардан дәрилик қураллар менен химиялық препаратлар ислеп шығыўда дүньяда жетекши орында турады. Бул халықаралық симпозиум илимпазлар ушын өз-ара тәжирийбе алмасыў, жаңа изертлеўлерди көрсетиў ҳәм илимниң алдына қойылған әҳмийетли бағдарларды додалаўда қолайлы имканият болды.

­ 1993-жылы Түркияның Анадолу университети жанындағы Шыпабағыш ҳәм хош ийисли өсимликлер ҳәм дәрилер орайы менен ӨзРИА Өсимлик элементлери химиясы институты арасында илимий бирге ислесиў, қәнигелер алмасыў ҳәм тәбийғый бирикпелер химиясы бойынша симпозиумлар шөлкемлестириў мақсетинде меморандумға қол қойылған, – дейди Жақын Шығыс университетиниң фармацевтика факультети департамент директоры, профессор Ҳусну Жан Башер (Түркия). ­ Усы келисимге муўапық халықаралық симпозиум 1994-жылдан берли ҳәр еки жылда бир мәрте Өзбекистан ҳәм Түркияда, 2011-жылдан баслап Қытайда да өткерилип келинбекте. Мәмлекетиңизде абыройлы әнжуманға жоқары дәрежеде таярлық көрилген. Быйылғы жылы әнжуман ушын дүньяның көплеген еллери илимпазларының 50 ден аслам баянаты таңлап алынған. Бул фундаменталь илимий изертлеўлерди раўажландырыў, дүнья базарында бәсекиге шыдамлы өнимлер ислеп шығарыў ушын шараят жаратыў, инновациялық пикирлеў қәбилетине ийе жаңа әўлад кадрларды таярлаўда айрықша әҳмийетке ийе.

Быйылғы симпозиум тәбийғый бирикпелер ҳәм олардың өнимлери химиясы, биологиясы ҳәм технологиясы, тәбийғый тийкарға ийе дәрилик қуралларды жаратыў сыяқлы бағдарларда өткерилмекте. Әнжуманда тәбийғый бирикпелерди үйрениў бағдарында ерисилген табыслар ҳәм тараўдың перспективалары, экоаймақта илимди, технологиялар менен инновацияларды раўажландырыў, Орайлық Азия дәрилик өсимликлеринен дитерпеноид бирикпелердиң изоляциясы ҳәм биологиялық активлиги, Кипр хош ийисли өсимликлери ҳәм эфир майлары, өсимлик өнимлерин дизимнен өткериў, дәстүрий Қытай дәри-дәрмақларынан таярланған биоактив тәбийғый бирикпелер, нагилактон B нинг атеросклерозға тәсири сыяқлы темалар додаланды.

Симпозиум шеңберинде «Төменги молекуляр биорегуляторлар», «Дәрилик қураллар ҳәм биологиялық актив қосымшалар» ҳәм «Тәбийғый бирикпелер химиясы» темасындағы сыңар мәжилислерде илимпазлардың баянатлары тыңланады ҳәм стендлер көрсетиледи. Халықаралық симпозиум жуўмағында жас қәнигелерди таярлаў усыллары ҳәм илимий-әмелий шешимлериниң раўажланыў жоллары белгиленеди.

Әнжуманның ашылыўында Өзбекистан Республикасы Президентиниң Мәмлекетлик кеңесгөйи А.Юнусхўжаев қатнасты.

Матназар ЭЛМУРОДОВ,

ӨзАның хабаршысы.