Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Майыпларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Бийлигине муўапық 7-сентябрь күни пайтахтымыздағы «Граф» ресторанында республикамыздағы 150 майып пуқараларға дастурхан жайылып, ас берилди.
Илаж даўамында 50 майыпқа 50 дана майыплар арбашасы ҳәм саўғалары тапсырылды.
– Балам Аман Жолдасбаев ҳәзир 13 жаста. Ол туўма майып. Сана-сезими раўажланбай қалды. Өзлигинен ҳәрекет ете алмайды. Мине, бүгин салтанатлы түрде майыплар арбашасы тапсырылды. Ҳүкиметимиздиң бундай итибар ҳәм ғамқорлығы ушын миннетдарман, – дейди Қоңырат районынан Феруза Отарбаева.
Илаж қатнасыўшыларына көркем өнер шеберлериниң атқарыўында концерт бағдарламасы қойып берилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги