Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Тәжикстан Республикасы Президенти Имомали Раҳмон «Өзэкспоорай»да шөлкемлестирилген Тәжикстан санаат өнимлериниң көргизбеси менен танысты.
Еки мәмлекет исбилерменлери ушын өзине тән майданға айланған бул көргизбеден ҳәр қыйлы тараўларда жумыс алып барып атырған компаниялардың өнимлери, сондай-ақ, жоқары оқыў орынларының, илимий-өндирислик орайлардың инновациялық жойбарлары менен исленбелери орын алған.
Мәмлекетлеримиз арасындағы саўда-экономикалық бирге ислесиў избе-из раўажланбақта. Өзбекстанда Тәжикстанға жеңил автомобильлер, жүк машиналары, аўыл хожалығы техникасы, металлургия, электротехника, қурылыс товарлары, азық-аўқат ҳәм тоқымашылық санааты өнимлери экспорт етилип атырған болса, Тәжикстан елимизге қурылыс материалларын, цемент, алюмин сыяқлы өнимлерди жеткерип бермекте.
Президентлер экспозиция менен танысып, еллеримиз арасындағы көп қырлы бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўда бундай көргизбелер үлкен әҳмийетке ийе екенин атап өтти. Еки мәмлекеттиң экономика тармақлары арасында бирге ислесиў қатнасықларының кеңейтилгени өндирис процесиниң жетилисиўине ҳәм өнимлердиң және де кең ен жайыўына хызмет ететуғынын атап өтти.
Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ, ӨзА