Бүгин Қубла Корея ҳүкимран партиясы басшысы Хан Дон Хун Президент Юн Сок Ёлды әскерий жағдай енгизиўге урынғаны ушын ҳәкимияттан шетлетиў керек екенин айтты, бирақ импичмент ушын даўыс бериўден қайтарды.
Шийшемби күни жетекши «мәмлекетке қарсы күшлер»ди жоқ етиў, сиясий қарсыласларды жеңиў ушын әскерий жағдай жәриялап, халқты ҳәм өзиниң «Халық күшлери» партиясы топарын таң қалдырды.
Шама менен алты саат өтип ол парламент, соның ишинде, өз партиясының айырым ағзалары бул пәрманға қарсы даўыс бергеннен соң, бойсыныўға қарар етти.
Тийкарғы қарсылас Демократиялық партия шемби ақшамына импичмент мәселесин даўысқа қойыўды режелестирген. Миллий полиция оппозиция ҳәм белсендилер тәрепинен алға қойылған қозғалаң даўасы бойынша мәмлекет басшысына тергеў баслаған.
Бүгин парламентте болып өткен партия мәжилисинен соң интервью берген Хан Дон Хун Президент әскерий жағдай дәўиринде «мәмлекетке қарсы күшлер» қатарында болғаны ушын бир топар белгили сиясатшыларды қамаққа алыўға буйрық бергенин мәлим етти.
Кеше ҳүкимран партия импичментке қарсылығын билдирди, бирақ Хан «исенимли дәлиллер» тийкарында Сеулдиң қубласындағы Квачхон қаласында сиясий жетекшилер қамаққа алыныўы мүмкин екенин атап өтти.
– Күтилмеген тәртипсизлик себепли халық ҳәм тәрепдарларға жеткерилген зыянды азайтыў ушын импичменттиң алдын алыў нийетимди билдирдим, – деди Хан. – Солай болса-да, пайда болған жаңа мағлыўматлар Президент Юн Соук Ёлдың ўәкиллиги тезлик пенен тоқтатылыўы Корея Республикасы ҳәм халқымызды қорғаў ушын оғада зәрүрлигин көрсетип атыр.
Импичмент темасы әпиўайы нызамшылар қатнасыўындағы кеңейтилген мәжилисте де көрип шығылды. Усынысты қоллап-қуўатлаўшы партияның жоқары мәртебели депутаты Чо Кёунг-Те журналистлерге ҳәр бир партия ағзасы енди «халық тәрепимди ала ма яки әскерий жағдай тәрепдарлары менен бирге ислесе ме» өзи қарар етиў керек екенин айтты. Көпшилик 2016-жылы Президент Пак Кин Хеге импичмент қолланған жағдай және тәкирарланыўын қәлемейтуғынын билдирди. Сол ўақыялар тәсиринде консервативлик партия тарқалып кетип, президент ҳәм улыўма сайлаўда либераллар жеңиске ерискен еди.
Ҳүкимран партия бес мәрте депутатлыққа сайланған Юн Сан Хён импичментке қарсы шықты ҳәм Хан партияның жоқары мәртебели ўәкиллери менен жетерли дәрежеле мәсләҳәтлеспегенинен шағым етти:
– Биз Президентке импичмент жәриялап, режимди Ли Джэмённиң Демократиялық партиясына исенип тапсыра алмаймыз. Бул қарар Юн Сок Ёлды қорғаў емес, ал Корея Республикасы системасы ҳәм перзентлеримиздиң келешеги ушын зәрүр. Жеке мен ертең импичмент процесинде қатнаса алмайман. Демократ Ан Гви-Рённың пикиринше, адамлар әллеқашан Юнға руўхый импичмент жәриялаған.
Анның шийшемби күни парламент алдында әскер менен бәсекилесип, қурал услап түскен көриниси мәмлекеттиң әскерий жағдайға қарсы екени белгиси сыпатында социаллық тармақ арқалы тарқалды.
– Ойын ойнап атырған баладай әскерий жағдай жәриялаған басшыға исениў мүмкин бе, деген Гви-Рён. – Ким халықты бундай басшыға исенип тапсырар еди? Бир неше саат алдын жәрияланған «Галлуп Кореа» сораўы нәтийжеси Президентти қоллап-қуўатлаў рейтинги 13 процентке түсип кеткенин көрсеткен.
Мусулмон Зиё, ӨзА