Инновациялық раўажланыў министрлигинде АҚШтың «СETS»  команиясының ўәкиллери менен ушырасыў болып өтти. Ушырасыўға Инновация министри Ибраҳим Абдураҳмонов қатнасты.

Министрлик баспасөз хызметиниң хабар етиўинше, сөйлесиў ўақтында «СETS» компаниясының ўәкиллери Инновация министрлиги жанындағы Туқымгершиликти раўажландырыў орайына компьютер менен басқарылатуғын картошканың мини-түйинлерин жетистиретуғын 15 фитотрон үскенесин сатыў усынысы менен шықты.

Фитотрон өзи не? Фитотрон, бул – жаслама түрде мәлим шараятлар жаратылатуғын орын болып, ҳәр түрли ықлым шараятларын жаратқан ҳалда бир жылда бир неше мәрте зүрәәт алып, селекция процесин тезлестириў имканиятын береди. Соның ишинде, супер элита туқымларын жетистириўге кететуғын мүддет бир неше есеге кемейеди.

«СETS» компаниясы ўәкиллери усыныс етип атырған фитотронлардың баҳасы қымбатлығын есапқа алған ҳалда, Инновация министри олардан үскенелерди Өзбекстанға инвестиция сыпатында киргизип, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик түриндеги қоспа кәрхана шөлкемлестириў ҳәм картошка туқымгершилиги кластерин жаратыў усынысын берди.

Тәреплер өз-ара бирге ислесиўдиң түрлери ҳәм шәртлери ҳаққында сөйлесиўлерди даўам еттириўге келисти.

ӨзА