Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде бүгин бир нешше мыңлаған жаслар билим алмақта. Олардың билим алыў ушын оқыў орнында барлық заманагөй имканиятлар жаратылған. Узақ жерден, районлардан келип оқып атырған студент-жаслар ушын жатақханада қолайлы шараятлар жаратылған болып, олардың оқыў процесин жақсы өткериўи ушын тийкар болмақта. Жатақхана студентлер ушын тек ғана жатақхана емес, ал социаллық ҳәм академиялық орталықтың керекли бөлими есапланады.
Жатақхана университетке жақын жерде жайласқан болып, студентлердиң оқыўға қатнаўына жақсы имканият жаратады. Сондай-ақ, студентлердиң транспорт қәрежетлерин азайтып, ўақтын үнемлеўге мүмкиншилик туўдырады.
Жатақхана ишинде ҳәр бир студентке қолайлықлар жаратылған. Ханалар еки яки үш студентке мөлшерленген болып, барлық зәрүр әсбап-үскенелер, тийкарынан, мебельлер, интернет байланысы ҳәм улыўма пайдаланыў ушын мөлшерленген асхана менен тәмийинленген. Бул жерде студентлер тек ғана билимлерин арттырып ғана емес ал бир-бирлери менен пикир алмасыў ҳәм тәжирийбе арттырыў имканиятына ийе.
Жатақхана ишинде оқыў ханалары жайласқан болып, студентлер сабақ таярлаў яки пикир алысыў ушын пайдаланыўлары мүмкин. Сондай-ақ, социаллық хызметлер ушын ажыратылған орынлар, студентлер арасында дослық ҳәм бирге ислесиўди бекемлеўде үлкен әҳмийетке ийе.
Жатақхана студантлердиң турақ жайы болып қалмастан, дослық үйи есапланады. Көп миллетли халқымыздың дослық қатнасықлары усы университет жатақханасында да өз көринисин таўып, ҳәр түрли миллет ўәкиллеринен болған студент-жаслар дослық қатнасықларын беккемлемекте. Олардың арасында ҳәр қыйлы спорт жарыслары ҳәм мәдений илажлар, таңлаўлар өткерилип келинбекте. Сондай-ақ, қызлар гүллер өсирип, тәрбиясын берип жатақханада гөззаллық дәрегин жаратпақта.
Камила Мадаминова, Бердақ атындағы ҚМУ қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультетиниң 4-курс студенти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги