2024-жыл 27-октябрь күни Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы ҳәм жергиликли Кеңеслер депутатлары сайлаўы пуқаралар белсендилигинде, көтериңкилик пенен өткерилди.
Мәмлекетимиз тарийхында биринши мәрте парламентлик сайлаў аралас сайлаў системасы – мажоритар ҳәм пропорционал сайлаў системасы тийкарында болып өтти.
Бүгин, 28-октябрь күни Орайлық сайлаў комиссиясының Баспасөз орайында ОСК Баслығы З.Низамхўжаев қатнасыўында сайлаў жуўмағының дәслепки нәтийжелери бойынша брифинг болып өтти.
Брифингте айтып өтилгениндей, 15 миллион 27 мың 529 сайлаўшы ямаса жәми сайлаўшылардың 74,72 проценти даўыс бериўде қатнасты.
Пропорционал сайлаў системасы бойынша Олий Мажлис Нызамшылық палатасына Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы – 5 миллион 194 мың 41 даўыс пенен 26 депутатлық орны, «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы – 2 миллион 812 мың 493 даўыс пенен 14 депутатлық орны, Өзбекстан Экологиялық партиясы – 1 миллион 960 мың 764 даўыс пенен 10 депутатлық орны, Халық демокртиялық партиясы – 2 миллион 558 мың 16 даўыс пенен 13 депутатлық орны, «Адолат» социал-демократиялық партиясы – 2 миллион 420 мың 857 даўыс пенен 12 депутатлық орнына ийе болды.
Мажоритар система бойынша Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы – 38, «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы – 15, Өзбекстан Экологиялық партиясы – 6, Халық демократиялық партиясы – 7, «Адолат» социал-демократиялық партиясы – 9 депутат сайланған.
Жәми есапта Нызамшылық палатасына Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясынан 64, «Миллий тикланиш» демократиялық партиясынан 29, «Адолат» СДП жәми 21, ХДП 20, Экология партиясынан 16 депутат сайланды.
Муҳтарама Комилова,
ӨзА