Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы ҳәм жергиликли Кеңеслер депутатларының сайлаўын бир қатар халықаралық шөлкемлер ҳәм сырт еллерден келген бақлаўшылар, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери бақлап барды.

Адам МАРШАЛЕК, Польшадағы «Маршалек-холдинг» басылымы президенти:

– Ташкент қаласында болып, сайлаўға таярлықты бақлаған болсам, Самарқандта бул процесстиң тиккелей гүўасы болдым. Адамлар сайлаўға бийпәрўа емес, қай жерге барыўды, кимге даўыс бериўди биледи. Айырым мәмлекетлерде халық бәринен бурын өз жумысларын орынлап, кейин сайлаўға барады. Өзбекстанда болса сайлаўшылар ерте таңнан участкаларға барып, даўыс бермекте. Бул Өзбекстанда сайлаўларды өткериў бойынша үлкен тәжирийбе топланып атырғанынан дәрек болып есапланады. Өзбекстан бүгин жедел раўажланбақта, дүнья нәзеринде. Соның ушын сайлаўды бақлаўда да жүдә көп мәмлекетлер, халықаралық шөлкемлерден бақлаўшылар келген. Мен де бурын халықаралық шөлкемлер топары қурамында сайлаў процесслерин бақлағанман. Бул рет еркин бақлаўшы сыпатында қатнасып атырман. Шөлкемлестириўшилер меннен қайсы аймаққа бармақшысыз, деп сорағанында ҳеш екиленбей Самарқандты сайладым. Себеби ҳәр сапары бул әййемги ҳәм гөззал қалада болғанымда жаңа тәсирлерге ийе боламан, дүнья қарасым кеңейеди.

Дмитрий МОХОРОВ, ҒМДА мәмлекетлери парламентлераралық ассамблеясы Парламентаризм, пуқаралардың сайлаў ҳуқықларын қорғаў ҳәм демократиялық процесслер мониторинги халықаралық институты эксперти, ҒМДА мәмлекетлери Парламентлераралық ассамблеясы экспертлер кеңесиниң ағзасы (Россия):

– Кейинги жыллары Өзбекстанда сайлаў системасын жетилистириў, сайлаў процесслерине халықаралық ҳәм демократиялық принциплерди енгизиў бағдарында салмақлы жумыслар алып барылмақта. Халықаралық бақлаўшы сыпатында Әндижан қаласындағы 15-сайлаў участкасында болып, сайлаўлардың басланыў процесин бақладым. Сайлаў участкасында сайлаўларға таярлық жоқары дәрежеде шөлкемлестирилгениниң гүўасы болдым.

Сайлаў участкасында сайлаўлар белгиленген тәртиплер тийкарында басланды, ҳеш қандай нызам бузылыў жағдайын бақламадым. Әсиресе, пуқаралардың белсендилиги, сайлаў участкаларында сайлаўшылар ушын зәрүр барлық шараятлар жаратылғаны әҳмийетли. Сайлаў комиссияларында өз жумысын пухта билетуғын, белгили тәжирийбеге ийе адамлар жумыс алып барып атырғанлығы, сайлаўлар миллий, халықаралық талап ҳәм нормалар тийкарында өткерилип атырғанлығын атап өтиў орынлы.

Адамлардың кейпияты жоқары. Оның тйикарғы себеби елиңиздеги тынышлық-татыўлық, абаданлық ҳәм мошылықтан деп билемен.

Өзбекстанда пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинлигин тәмийинлеў, демократиялық принциплерди беккемлеўге хызмет етиўши сайлаўлар халықаралық үлгилер, демократиялық принциплер тийкарында өтеди, халқыңыз ең мүнәсип талабанларға даўыс берди. Бул таңлаў Өзбекстан халқының қәтержамлығын, елиңиздиң турақлы раўажланыўын тәмийинлеўге хызмет етеди.

Кирия БАНЧОНПАКДИ, халықаралық бақлаўшы (Лаос):

– Сайлаў жүдә тәртипли, жәмлескенлик пенен өтти. Оның ушын орынларда үлкен таярлық көрилгениниң гүўасы болдым. Бул процесске санлы технологиялардың кеңнен енгизилгени қуўанышлы жағдай. Жаслардың сайлаўда белсене қатнасып атырғанын бақлап, оларға ҳәўесим келди. Себеби, ҳәзир дүньяның айырым еллеринде бундай илажларға жаслар қызықпай қалған.

Өзбекстан, атап айтқанда, Сурхандәрья ўәлаятында биринши мәрте болыўым. Таза, азада үлке екен. Маған ҳаўа-райы, гөззал тәбият көринислери жүда унап қалды. Ўәлаяттағы әййемги Фаёзтепа, Қаратепа сыяқлы буддизм естеликлери менен танысып, будда динине байланыслы тәсирлеримди және де байытқанымнан оғада қуўанышлыман. Халқыңыздың миймандос, кеўили ашықлығы маған жүдә унады.

Анастасия ЦЕЛЮК, «Беларусь сегодня» баспа үйиниң арнаўлы шолыўшысы:

– Сайлаў процесслери басланғаннан кейин төрт сайлаў участкасында болдым. Барлық сайлаў участкалары халық пенен толы. Даўыс бериў процесслерин көплеген жергиликли ҳәм халықаралық бақлаўшылар тиккелей бақлады. Яғный, сайлаў ашық-айдынлық тийкарында өтти.

Медербек ШЕРМЕТАЛИЕВ, «Қабар» Қырғызстан Миллий мәлимлеме агентлиги директоры:

– Сайлаў участкаларында болып, даўыс бериў процеси қандай өтип атырғанын тиккелей бақлап бардым. Халық сиясий процессте жүдә белсене қатнасты. Пуқаралардың еркин даўыс бериўи ушын барлық шараятлар жаратылған. Әҳмийетлиси, сайлаў демократиялық талаплардан бири болған – ашық-айдынлық тийкарында өтти. Журналистлер бул процессти тиккелей бақлаў менен бирге, жедел сәўлелендирип барғанының гүўасы болдым.

Ренато СПАНЬОЛО, Италияның «Cotonella S.p.A.» компаниясының бас директоры:

– Биринши гезекте сайлаў участкасындағы сайлаўға таярлық процеси менде жақсы тәсир қалдырды. Барлығы белгиленген тәртиплерге сәйкес түрде шөлкемлестирилген. Мәселен, даўыс бериў ушын кирип киятырған сайлаўшыларға тәртип қағыйдалар бирме-бир түсиндирилди. Сондай-ақ, бюллетенлер тасланып атырған қуты да ашық-айдын көринип тур. Бул сайлаўдың ашық-айдын өтип атырғанының дәлиллейди. Буннан тысқары, сайлаў участкасында әжайып музыкалардың қойылғаны да сайлаўшыларға көтериңки кейпият бағышлады.

Эмад Элдин МУҲАММЕД, Египет Араб Республикасы сенаторы:

– Өзбекстан экономикалық тараўларда ғана емес, Президентиңиздиң басламасы менен әмелге асырылып атырған сиясий реформалар себепли де Азияның жетекши мәмлекетлери қатарына көтерилмекте. Даўыс бериўдеги еркинлик, сайлаўшылардың белсендилиги, сайлаўалды партия дебатлары – булардың барлығы халықаралық талаплар, нормаларға толық сәйкес түрде өтти, деп айтыў мүмкин.

Наталия ЗАДУБРОВСКАЯ, россиялы халықаралық бақлаўшы:

– Бир неше мәмлекетлерде президент ҳәм парламент сайлаўларында бақлаўшы болғанман. Өзбекстандағы парламент ҳәм жергиликли Кеңеслерге сайлаўларда мен халық өз қарары ҳәм мүнәсибетин еркин билдиргенин, итибарлысы, шығыс әдебиниң сезилип турғанын көрдим. Бул процесс еркин сайлаў талапларына сәйкес екенин исеним менен айтаман.

Мажид Ал-ТУРКИЙ, Саудия Арабстаны Мәлимлеме ҳәм араб-рус изертлеўлери орайының баслығы, сиясаттаныўшы илимлериниң докторы:

– Сайлаў участкасына келип, халықтың даўыс бериў процесслерин бақладым. Сайлаў жоқары дәрежеде, нызам шеңберинде шөлкемлестирилген. Сайлаўшылардың еркин даўыс бериўи ушын барлық шараятлар тәмийинлеп берилген. Дизимнен өтиў, кабиналарда бюллетенлерге белги қойыў ҳәм оларды сайлаў қутысына таслаў – халықаралық сайлаў стандартларына толық жуўап береди. Әҳмийетлиси, халық өз ерк-ықрарын еркин билдирмекте.

Владислав ДАВАНКОВ, Россия жәмийетлик ҳәм сиясий ғайраткери, исбилермен, Россия Федерациясы Федерал Мажлиси Мәмлекетлик думасы баслығының орынбасары:

– Россиядан депутатлар үлкен топары менен Өзбекстандағы сайлаў процесслерин бақлаўға сайлаў күнинен сәл алдынырақ келгенбиз. Себеби сайлаўға таярлық процесслерин де көзден өткердик. Сайлаўға жоқары дәрежеде, сапалы таярлық көрилгенин атап өтиў керек. Оны Бухара, Самарқанд ўәлаятларындағы сайлаў участкаларын көрип, тиккелей гүўасы болдық.

Сайлаў күни болса  Ташкент қаласындағы сайлаў участкаларында болып, процессти бақладық. Халық сайлаўда белсене қатнасты. Ҳеш бир нызамбузыўшылық жағдайына көзимиз түспеди. Сайлаўшылар шаңарақ ағзалары менен бирге келип, даўыс берди.

Еки сайлаў участкасында электрон даўыс берген жасларды ушыраттық. Олардың заман менен тең қәдем таслап атырғаны, жаңалыққа умтылатуғыны көринип тур. Бул жүдә жақсы тәжирийбе. Талабанлардың қырық проценти ҳаял-қызлардан ибарат екени унамлы көрсеткиш екенин атап өтиўимиз керек. Ҳаял-қызлар ҳәр тараўда, сиясатта да белсендилик көрсетеди.

Болып өткен сайлаў демократиялық талапларға толық жуўап береди. Себеби, ҳеш қандай тәсир, басым ҳәм провакациялар жоқ. Халық өз даўысын еркин берди.

Рой Лий АТЖАМ, Нидерландияның «Diplomat Magazine» журналының редакторы:

– Ашығын айтыў керек, елиңиздеги бул сайлаўда қатнасқанымнан қуўанышлыман. Мен Өзбекстанда көп мәрте болғанман ҳәм бул жерде шөлкемлестирилген халықаралық илажларда қатнасқанман.

Бул ретки сайлаў пүткиллей басқаша руўхта өтти. Сайлаўды демократиялық принциплер тийкарында шөлкемлестириў бағдарында бир қатар жумыслар әмелге асырылғанын сайлаў участкалары менен танысыў ўақтында және де анығырақ түсиндим. Сайлаў процесслери IT тараўы менен байланысқаны, электрон даўыс бериў системаларының енгизилгени ҳәм бул ўазыйпалардың дерлик барлығы электрон усыллар менен әмелге асырылғаны дыққатымды тартты.

Соны айтыў керек, бул сайлаўдың өз елимдеги сайлаўлардан әдеўир өзгешелиги бар. Сизлерде процесслер электрон система арқалы орынланбақта. Бизде болса сайлаўдың жумыс тәртиби толық қағаз тийкарында алып барылады.

Улыўма алғанда, Жаңа Өзбекстанның раўажланыўында ҳәзирги сиясий процесстиң әҳмийети теңсиз.

ӨзА