Хабарыңыз бар, ҳүрметли Президентимиздиң 2024-жыл 16-июльде «Белгили қарақалпақ шайыры ҳәм ойшылы Әжинияз Қосыбай улы туўылғанлығының 200 жыллығын кеңнен белгилеў ҳаққында»ғы арнаўлы қарары тастыйықланды. Усы қарардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде «Әжинияз – қарақалпақ әдебиятының мақтанышы» (ХIХ әсир қарақалпақ классик шайыры Әжинияз Қосыбай улының туўылғанына 200 жыл) атамасындағы халықаралық илимий-теориялық конференция шөлкемлестирилди. Оған сырт мәмлекетлерден, соның менен бирге, республикамызда жумыс алып барып атырған жоқары оқыў орынлары, илимий-изертлеў орайларынан профессорлар, илимпазлар, докторантлар, излениўшилер, студент-жаслар, кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.

Конференцияны университет ректоры Ахмед Реймов қутлықлаў сөзи менен ашты ҳәм алып барды. Ол Әжинияз Қосыбай улы өзиниң бийтәкирар ҳәм мазмунлы дөретиўшилиги менен халқымыздың мәденияты ҳәм әдебиятын раўажландырыў, жас әўладты ўатансүйиўшилик ҳәм ийгиликли идеялар руўхында тәрбиялаўда үлкен әҳмийетке ийе екенлигин атап өтти.

Буннан соң, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Тажибай Романов шығып сөйлеп, қарақалпақ классик шайыры Әжинияз Қосыбай улының туўылғанына 200 жыл толыўы мүнәсибети менен республикамыз ҳүкимети атынан қызғын қутлықлап, конференция жумысларына табыслар тиледи. Коференцияда сөзге шыққанлар ҳүрметли Президентимиздиң басламасы менен халқымыздың сүйикли шайыры Әжинияз Қосыбай улының 200 жыллығы ЮНЕСКО шеңберинде халықаралық көлемде белгиленетуғын юбилейлер қатарына киргизилгенлигин атап өтти.

Соның менен бирге, конференцияда шайырдың өмири ҳәм дөретиўшилиги, шығармаларының тек ғана қарақалпақ әдебияты емес, соның менен биргеликте, өзбек, қазақ, түркмен ҳәм басқа да түркий халықлар және дүнья әдебиятында тутқан орны, ХIХ әсирдеги қарақалпақ әдебиятының раўажланыўында Әжинияз дөретиўшилигиниң әҳмийети, бүгинги күнде оның шығармаларының үйренилиўи ҳәм келешек әўладларға жеткерилиўи сыяқлы мәселелер ҳаққында мағлыўматлар берилди. Конференция шеңберинде Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети талантлы студент-жаслар ҳәм көркем өнер шеберлери тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Күнниң екинши ярымында Конференция өз жумысын секцияларда даўам еттирди. Онда баянатшылар тәрепинен Әжинияз шайырдың дөретиўшилик мийрасының қарақалпақ әдебияты ҳәм мәдениятының раўажланыўындағы орны ҳәм әҳмийети кеңнен додаланды. Илажда шығып сөйлегенлер Әжинияздың дөретиўшилик жумысын терең илимий көзқараста таллаў, оның әдебий-тарийхый әҳмийетин және де терең үйрениў зәрүрлигин атап өтти.

Ҳәр бир секцияда қатнасыўшылар әдебий орталық, халық дәстүрлери ҳәм дөретиўшилик жумыстың өз-ара байланыслылығы ҳаққында қызықлы пикир-усыныслар билдирди. Бул илимий-теориялық конференция қарақалпақ әдебияты тарийхын үйрениўде әҳмийетли қәдем болып, жас әўладтың миллий қәдириятларды аңлаўында үлкен орын тутады.

 

 

Сүўретлер: ҚМУ баспасөз хызмети

Қарақалпақстан хабар агентлиги