Хабарыңыз бар, усы жыл 27-октябрь күни Олий Мажлис Нызамшылық палатасы ҳәм жергиликли Кеңеслерге депутатларды сайлаў ушын санаўлы күнлер қалды. Депутатлыққа талабанлардың сайлаўшылар менен ушырасыўлары даўам етпекте.
ӨзЛиДеП тен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутатлығына талабан Ахмет Реймов Нөкис қаласындағы Қурылысшы ҳәм Бағшылық мәкан пуқаралар жыйыны сайлаўшылары менен ушырасты.
Ушырасыўда депутатлықка талабан өзиниң сайлаўалды бағдарламасының тийкарғы бағдарлары менен сайлаўшыларды жақыннан таныстырып өтти. Партияның жаңа сайлаўалды бағдарламасы 5 мақсет ҳәм 500 ўазыйпаны өз ишине қамтып алғанлығы ҳәм онда барлық тараўлар бойынша келеси 5 жыл ушын анық мақсетлер менен ўазыйпалар алға қойылғаны атап өтилди.
Атап айтқанда, халық арасында кеселликлерди кескин азайтыў, саламат турмыс тәризин енгизиў, алдағы бес жылда бюджеттен медицинаға ажыратылатуғын жыллық қаржы көлемин кеминде 2 есеге арттырыў, пуқараларға медициналық хызметлер ушын кредитлер ажыратыў системасын енгизиў, саламатлықты қайта тиклеў ушын банктен жеңиллетилген 3 жыл мүддетли кредит алыў мүмкиншилигин жаратыў бойынша бир қатар ўазыйпалар алға қойылған.
– Буннан тысқары кекселердиң денсаўлығын тиклеў ҳәм мазмунлы дем алыўы ушын айрықша бағдарлама қабыл етиў усынысы алға қойылған,-дейди талабан. – Елимиздеги үш миллионнан аслам нуранийлер ҳәр жылы бийпул медициналық тексериўден өткерилиўи, емлаўхана ҳәм саўалландырыў орайларында емлениўи ушын елимиз бойлап саяхатлар шөлкемлестирилиўине жәрдем беремиз.
“Кекселердиң денсаўлығын қорғаў ҳаққында”ғы нызамды қабыллаў арқалы 70 жастан асқан кекселерге бийпул медициналық ҳәм зәрүр социаллық хызметти күшейтиўди алға қоямыз.
Ушырасыў даўамында сайлаўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Талабанның сайлаўшылар менен ушырасыўы Нөкис қаласындағы Ақ отаў ҳәм Туңғыш қоныс мәкан пуқаралар жыйынында да шөлкемлестирилип, үйме-үй жүрип үгит-нәсият илажлары алып барылды. Сайлаўшыларды болажақ сайлаўларға бийпәрўа болмаған ҳалда өз пуқаралық позициясынан пайдаланған ҳалда даўыс бериўге шақырып қалды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги