Ташкентте «Мәмлекетлик хызметкерлердиң потенциалын арттырыў бағдарламасы»ның жумыс баслаўына бағышланған илаж болып өтти.

Өзбекстан ҳәм Корея менен биргеликте ислеп шығылған бул жойбар мәмлекетимизде мәмлекетлик хызметти модернизациялаўға жәрдем бериў, кадрлардың потенциалын басқарыў ҳәм раўажландырыў (HRM) бойынша усыныслар ислеп шығыў, пилот министрликлерде бизнес процесслериниң реинжинирингин (BPR) өткериўге бағдарланған.

Илажда Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлиги басшылығы, Корея Мәмлекетлик басқарыў  институты (KIPA) жуўапкерлери, Корея халықаралық бирге ислесиў агентлиги (KOICA)ниң Өзбекстандағы офиси ҳәм Кореяның Өзбекстандағы елшиханасының ўәкиллери, «Мәмлекетлик хызметкерлердиң потенциалын арттырыў бағдарламасы» атамасындағы  Q-DEEP  жойбары қатнасыўшылары, министрликлер ҳәм уйымлардың инсан ресурсларын басқарыў бөлимлериниң баслықлары қатнасты.

Корея Республикасы Президенти Юн Сок Ёлдиң 2024-жыл 13-15-июнь күнлери Өзбекстанға  мәмлекетлик сапары шеңберинде Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлиги ҳәм Корея Персоналды басқарыў министрлиги арасында мәмлекетлик хызметкерлердиң потенциалын арттырыўда бирге ислесиў режеси бойынша Келисимге қол қойылғанлығын атап өтиў зәрүр. Белгиленген илажлардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Корея халықаралық бирге ислесиў агентлиги (KOICA) менен биргеликте «Мәмлекетлик хызметкерлердиң потенциалын арттырыў бағдарламасы» атамасында Q-DEEP жойбары ислеп шығылды.

Жойбардың жумыс баслаўына бағышланған илажда Агентлик директорының орынбасары А.Муҳитдинов Өзбекстанда соңғы жылларда мәмлекетлик пуқаралық хызмети тараўында  әмелге асырылып атырған реформалар, ерисилген жетискенликлер, халықаралық бирге ислесиў мәселелери ҳәм усы жойбардың перспективалары ҳаққында атап өтти.

«Мәмлекетлик хызметкерлердиң потенциалын арттырыў бағдарламасы» атамасындағы Q-DEEP жойбарының баслығы Жеонг Сеок Канг мәмлекетлик хызметти раўажландырыў тараўында  өз-ара билим ҳәм тәжирийбе алмасыў әҳмийетли екенлигин атап өтти. Бул процессте тек Корея Республикасы тәжирийбесин өзбекстанлы қәнигелерге үйретиў емес, ал  корейс тәрепиниң де тараўда Өзбекстан тәрепинен ерисилип атырған жетискенликлер менен тәжирийбелерди үйрениўге мүтәжлиги  бар екенлигин атап өтти.

Мәресим даўамында жойбарды әмелге асырыў режеси додаланды. Сессияларда Президент жанындағы Мәмлекетлик хызметти  раўажландырыў агентлигиниң жумысы, Өзбекстан инсан ресурсларын басқарыў системасының ҳәзирги жағдайы, Кореяның инсан ресурсларын басқарыў системасы, шөлкемлестириў диагностика қураллары ҳәм олардан пайдаланыў мәселелери бойынша пикир алысылды.

Мағлыўмат ушын:  «Мәмлекетлик хызметкерлердиң потенциалын арттырыў бағдарламасы» 7 айға мөлшерленген. 2025-жылдың апрель айында жуўмақланыўы режелестирилген жойбар даўамында изертлеўлер тийкарында инсан ресурсларын басқарыў моделин ислеп шығыў, BPR таллаўын  ислеў ушын сораўнама дүзиў, HRM ҳәм BPR моделин  сынақтан өткериў нәзерде тутылған.

Севара Закирова,

Президент  жанындағы

 Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлигиниң

Мәлимлеме хызмети  баслығы

Қарақалпақстан хабар агентлиги