Шымбай районындағы қәнигелестирилген мектепте Өзбекстан “Миллий тикланиш” демократиялық партиясының Сайлаўалды бағдарламасының мазмуны ҳәм әҳмийетин халыққа кең түрде түсиндириў мақсетинде үгит-нәсиятлаў ушырасыўы болып ѳтти.
Онда “Миллий тикланиш” демократиялық партиясынан Олий Мажлис Нызамшылық палатасы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм жергиликли Кеңес депутатлығына талабанлар, басланғыш партия шөлкемлериниң ўәкиллери, жаслар, ҳаял-қызлар, мәҳәлле белсендилери ҳәм сайлаўшылар қатнасты.
Ушырасыўда Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты Руслан Джумамуратов шығып сөйлеп, “Қәдириятларға сүйенген раўажланыў!” сүрени астындағы ушырасыўдың әҳмийетине кең түрде тоқтап өтип, «Миллий тикланиш» партиясының жаңа сайлаўалды бағдарламасында белгиленген жаслардың тәлим-тәрбиясына байланыслы усыныс ҳәм басламалар туўралы мағлыўматлар берди.
Сондай ақ, жаслар турмысы менен байланыслы усыныс ҳәм басламалар, жаслардың тәлим-тәрбиясы ең тийкарғы мәселе екенлиги, партияның сайлаўалды бағдарламасында мине усы, яғный бәркамал әўлад потенциалын жүзеге шығарыў мақсетинде мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи мәселелерине үлкен итибар қаратылғанлығы атап өтилип, бәршени 27-октябрьде болып өтетуғын сайлаўда “Миллий тикланиш” демократиялық партиясынан көрсетилген талабанларды қоллап-қуўатлаўға шақырды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги