Ҳәзирги күнлери елимиз дийқан-фермерлери гүзги бийдай егиси менен бирге, пахта жыйын-терими ислерин қызғын алып барып, алдыңғы фермер хожалықлары белгиленген мәмлекетлик шәртнама режесин орынлап шықпақта.
Усындай алдыңғы хожалықлардың бири Шымбай районы Қызылөзек аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы «Рәўшан-Наўрыз» фермер хожалығы болып табылады.
Ерте бәҳәрде 20 гектар жерге «С-47-27» сортлы пахта шигитин сепкен хожалық ағзалары, бир тегис көгерип шыққан ғаўашаларға агротехникалық қәделерге сай тәрбия жумысларын жүргизип, атызларда дийдиленгендей зүрәәт жетистириўге еристи.
-Ҳәр жыл сайын пахта ҳәм бийдай тапсырыў бойынша тапсырма режелерин артығы менен орынлап келмектемиз,-дейди хожалық баслығы Елмурат Ҳамидуллаев.-Атап айтқанда, быйылғы жазда 60 гектар жерге егилген бийдайдан 180 тонна ғәлле тапсырыўға еристик. Ал, 20 гектар ғаўашадан 58 тонна пахта жыйнап-терип алынып, ел қырманына тапсырылды. Еле атызларымызда зүрәәт мол. Несип етсе, және 20 тоннадан аслам пахта жыйнап алып, улыўма зүрәәтлиликти 40 центнерге жеткериўге ҳәрекет етемиз.
Ҳақыйқатында хожалық атызларын аралар екенбиз, онда шағырайып ашылған ғореклер қараған көздиң жаўын алады. Онда жәўлан урып мийнет етип атырған аўыл турғынларына қанша алғыс айтсаң да арзыйды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы