Өзбекстан Мәденият министрлигиниң ЮНЕСКО  менен биргеликте әййемги қобыз саз әсбабы ҳәм жыраўшылық өнери дәстүрин сақлап қалыўға қаратылған  семинар жумысы Нөкис қаласында өткерилмекте. Семинар-тренинг усы жылдың 21-27-октябрь күнлери өткерилиўи белгиленген.

Семинардың ашылыў мәресиминде Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министри Б. Темирбаев, Қарақалпақстан Республикасы Туризм басқармасының баслығы Г. Изентаева, Қарақалпақстан халық жыраўы Б. Сырымбетов, ЮНЕСКО шөлкеминиң Өзбекстандағы мәдений ислери бойынша кәнигеси Н. Кадырова ҳәм жыраўшылық өнерине қызығыўшы жаслар қатнасты.

Қобыз ата-бабаларымыздан мийрас болып киятырған ески саз әсбабы. Усы саз әсбабы менен байланыслы болған жыраўшылық өнери мәдений мийрасларымыздың ажыралмас бөлеги болып,  халқымыздың нешше мың  жыллық тарийхында көплеген жыраўлардың болғанлығы бизге белгили. Бирақ, усы дәстүрлерди даўам еттириўде ойландырарлы жағдайлар, яғный, шебер өнерментлердиң санының азайып баратырғанлығы, жас әўладлар арасында хабардарлықтың жетиспеўшилиги ҳәм билимлерин келешек әўладларға жеткериўдеги қыйыншылықлар буған мысал бола алады.

-Семинар «Миллий саз әспабы қобызды соғыў ҳәм жыраў дәстүрлерин сақлаў бойынша оператив илажлар» жойбары бойынша өткерилмекте. Жойбар ЮНЕСКО ның  2003- жылғы Конвенциясының Материаллық емес мәдений мийрас қоры тәрепинен қаржыландырылған. Қобыз ҳәм жыраўшылық өнерин сақлап қалыў жойбары шеңберинде өткерилип атырған бул семинар-тренингтиң өркерилиўиндеги  мақсет,  қәниге усталар тәрепинен жасларға қобыз соғыўды  ҳәм жыраўлар тәрепинен жыраўшылық өнерин үйретиўден ибарат. Миллий экспертлер, атап айтқанда, қосықшылар, усталар ҳәм мәдений мийраслардың жанкүйерлериниң қатнасыўында өткерилип атырған бул илажлар өз нәтийжесин береди деген нийеттемиз,-дейди жойбар қәнигеси Н.Кадырова.


Семинар-тренинг жумысларына қатнасып атырған өнермент усталар, жыраўлар мастер-класслар өткерип, жасларға бул өнердиң сырларын үйретпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги