Қарақалпақстан Республикасы Жаслар ислери басқармасының мағлыўматларына қарағанда, “Жаслар балансы”н қәлиплестириў мақсетинде усы жылдың 5-31-январь күнлери мәҳәллелердеги жаслар жетекшилери менен биргеликте шаңарақларға кирип жаслардың машқалалары ҳәм қызығыўшылықлары үйренилген. Усы арқалы 14-30 жас аралығындағы 447 мың 460 жас  дизимнен өткерилген.

Системаластырыў нәтийжелерине бола 447 мың 460 жас “жасыл”, “сары”, “қызыл” категорияларға ажыратылды. Атап айтқанда, “жасыл” категориядағы жаслар саны 284 298, “сары” категориядағы жаслар саны 163 162, “қызыл” категориядағы жаслар саны 5 082 ни қурайды.

Қарақалпақстан Республикасында “сары” категориядағы 14 мың 388 жастан 8,7 проценти жумыссыз жасларды қурайды.

“Мәҳәлле-сектор-район-аймақ” кесиминде “Жаслар бәнтлиги бағдарламасы” ислеп шығылып, жәми 14 мың 388 жастың бәнтлигин тәмийинлеў механизми анық белгилеп алынды. Усы күнге шекем бәнтлик бағдарламасы арқалы 12 376 (86%) жастың бәнтлиги тәмийинленди.

Солардан 2342 жас турақлы жумыс орынларына орналастырылды, 2631 жас кәсип-өнерге оқытылды, 549 жасқа субсидия тийкарында мийнет қураллары алып берилди, 4445 жасқа дийқаншылық ислеўи ушын 2836 гектарлық егислик жер ажыратылды, 2106 жасқа исбилерменлик жумысын жолға қойыўы ушын 33,2 млрд. сумлық кредит ажыратылды.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Жасларға жер ажыратыў арқалы олардың дәраматларын арттырыў ҳәм бәнтлигин тәмийинлеў, соның менен бирге, жаңа жер майданларын өзлестириў илажлары ҳаққында”ғы қарарына муўапық, Қарақалпақстан Республикасы бойынша 6 мың жасқа 5 мың гектар жер майданын ажыратыў режелестирилгенлигин, мағлыўмат ушын атап өтиўимизге болады.

Бүгинги күнде “Жаслар дәптери”не киргизилген жаслардың машқалаларын үйрениў, шешим табыўға үлкен итибар қаратылып атырғанын атап өтиўимиз керек.

2024-жылдың 9 айы даўамында “Жаслар балансы” тийкарында, жәми 13 мың 822 жас “Жаслар дәптери”не киргизилип, усы күнге шекем 8110 (54,9%) жасқа әмелий жәрдемлер көрсетилди.

Атап айтқанда, кәсип-өнерге үйретиў, жеңиллетилген кредитлер, жер майданлары ҳәм субсидиялар ажыратыў нәтийжесинде 2375 жастың бәнтлиги тәмийинлениўине ерисилди. Сондай-ақ, 5735 социаллық қорғаўға мүтәж жаслардың машқалалары шешилип, турақлы қадағалаўға алынды.

Районлық, қалалық “Жаслар дәптери” фондларына 2024-жылдың басынан, жәми 14 млрд. 532 млн. сум қаржы қәлиплестирилген.

Аймақлық, қалалық ҳәм районлық “Жаслар дәптери” фондларынан жаслардың социаллық, экономикалық машқалаларын шешиў мақсетинде 12,3 млрд. сум қаржы қаратылды.

Инталы жасларды қоллап-қуўатлаў, шет тилин үйретиў ҳәм заманагөй кәсиплерге оқытыў бағдарындағы жумыслар шеңберинде, жоқары нәтийжелерге ерискен 14-30 жастағы инталыларды анықлаў, оларды социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў мақсетинде “Инталы жаслар балансы” қәлиплестирилди.

Ҳәр қыйлы дәрежеде табысларға ерискен жәми 1 257 жас, соннан 51 жас көркем өнер, 760 жас спорт, 54 жас илим-билим, 15 жас IT ҳәм инновация, 32 жас китапқумарлық ҳәм интеллектуаллық ойынлар, 25 жас әскерий хызмет бағдары, 7 жас сырт елдеги ўатанласлар бағдары, 7 жас шет  тиллери бағдары, 26 жас жәмийетшилик ҳәм жетекшилик бағдары бойынша анықланды. Бүгинги күнде усы инталы жаслардан мәҳәллелерде 565, билимлендириў мәкемелеринде 550 волонтёр сайланып, олар 9 бағдар бойынша өз жумысларын алып бармақта.

Бул бағдардағы жумыслар нәтийжели даўам етпекте.

 

 

 

Шахноза-Бану Абдуллаева,

Хатира Турсынгалиева,

ҚМУ, Журналистика тәлим бағдарының 4-курс студентлери

Қарақалпақстан хабар агентлиги