Қарақалпақстанда Өзбекстан Республикасы ҳәм Тәбиятты қорғаў Халықаралық шөлкеминиң «Қызыл китабы»на киргизилген жорға туўалақ (Chlamydotis macqueenii)ларды жабайы тәбиятқа жибериў бойынша бир қанша илажлар әмелге асырылмақта.

Өзбекстан Республикасы Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги ҳәм ’’Falcon Hunting Solutions’’ ЖШЖ менен биргеликте Өзбекстан Республикасының ҳәм Тәбиятты қорғаў Халықаралық шөлкемлериниң «Қызыл китабы»на киргизилген ҳәм жоғалып кетиў қәўипи астындағы жабайы фауна ҳәм флора түрлери менен халықаралық саўда ислеў (CITES) Конвенциясының биринши бағдарламасына киргизилген сийрек гезлесетуғын қус – жорға туўалақларды Қарақалпақстан Республикасы аймағының жабайы тәбиятына ҳәр жылы 2 000 нан 3 000 ға шекем жибериў режелестирилген.

Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитетиниң Биокөптүрлиликти сақлаў ҳәм кадастрын жүргизиў бөлими тәрепинен берилген мағлыўматларға қарағанда, жоқарыда көрсетилген режеге муўапық 2024-жылдың 30-сентябрь жағдайына 3 622 жорға туўалақ қуслары тәбиятқа жиберилген.

Бул бағдардағы илажлар нәтийжели даўам етпекте.

Шахноза-Бану Абдуллаева,

Хатира Турсынгалиева,

ҚМУ, Журналистика тәлим бағдарының 4-курс студентлери

Қарақалпақстан хабар агентлиги