Аўғанстан тәрепи менен алып барылған сөйлесиўлер нәтийжелерине бола өзбек айдаўшыларынан мәмлекет аймағында өндирилетуғын жыйымлар 6 500 аўғаны муғдарында (шама менен 99 АҚШ доллары) азайтылды, деп хабар бермекте Транспорт министрлиги мәлимлеме хызмети.

Билдирилиўинше, Әмиўдәрья көпиринен өтиў алдын 12 000 аўғаны (шама менен 182 АҚШ доллары) муғдарында өндирилетуғын жыйымды усы жылдың 28-сентябрьнен 7 000 аўғаны (шама менен 106 АҚШ доллары);

Аўғанстанға жүк автотранспорт қуралының кириўи ушын алдын 5 000 аўғаны (шама менен 76 АҚШ доллары) муғдарында өндирилетуғын жыйым болса 3 500 аўғаны (шама менен 53 АҚШ доллары) етип белгиленген.

«Бүгинги күнде Транспорт министрлиги тәрепинен Трансаўған мультимодал транспорт жолы арқалы жүк тасыўларға қолай шараятлар жаратыў, өндирилетуғын жыйымлардың муғдарын оптималластырыў бойынша жумыслар даўам еттирилмекте», делинеди министрлик хабарында.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги