Исбилерменлик жумысын әмелге асырыў ушын және де қолайлы шараятлар жаратылады.
Атап өтилгениндей, кеше, 21-октябрь күни Президент Шавкат Мирзиёев тәрепинен қол қойылған Нызам (ӨРН-979-санлы, 21.10.2024-жыл) менен Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске өзгери киргизилген.
Нызамға бола, исбилерменлик субъектлери тәрепинен мәмлекетлик уйымларға берилетуғын есабат ҳәм статистика мағлыўматларының бирден-бир дизимине киргизилмеген статистика, қаржы, салық есабатын ҳәм басқа есабатты сондай-ақ нызамшылықта нәзерде тутылмаған басқа да ҳүжжетлерди, соның ишинде, банк есап бетин ашыўда артықша ҳүжжетлерди исбилерменлик субъектлеринен талап еткенлиги, сондай-ақ, усы бирден-бир дизимге киргизилген есабатты бериўдиң белгиленген мүддетлери ҳәм тәртибине қарсы түрде талап етип алғанлығы ушын жуўапкершилик белгилениўин нәзерде тутыўшы өзгерис киргизилмекте.
Нызам рәсмий жәрияланған күнден баслап күшке енгизиледи,-бул ҳаққында «Ҳуқықый мәлимлеме» каналында хабар берилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги