ӨзЛиДеПтен Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутатлығына талабан Г.Халмуратова Мойнақ районындағы  Алий аўылы ҳәм Ҳәким ата аўыл пуқаралар жыйыны турғынлары менен ушырасты. 

Ушырасыўда талабанның исенимли ўәкили  Мойнақ районы Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлиминиң баслығы Б.Жамалова тәрепинен талабанның  өмир баяны, усы күнге шекемги алып барған жумыслары ҳәм сайлаўалды бағдарламасы туўралы мағлыўматлар берилди.

Депутатлыққа талабан Г.Халмуратова партияның сайлаўалды бағдарламасынан келип шығып районда биринши гезекте әмелге асырылыўы керек болған ўазыйпаларға тоқтады. Ол өз сөзинде мәмлекетимизде соңғы жылларда барлық тараўларда әмелге асырылып атырған реформалардың барысы ҳәр бир инсанның турмысында өз көринисин таўып атырғанлығын,  халқымыздың жасаў шараяты жақсыланғанлығын атап өтти.

Атап өтилгениндей, партияның сайлаўалды бағдарламасында санлы экономика, инновацияларды раўажландырыў, жасалма интеллекттен утымлы пайдаланыўды хошаметлеўши ҳуқықый ҳәм финанслық шараятларды жаратыў, санлы санаатты жедел раўажландырыў бағдарларын қабыл етиў усынысы алға қойылмақта.

Ушырасыў даўамында сайлаўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги