Тил миллеттиң барлығы, бирлиги, аўызбиршилиги, ар-намысының тымсалы. Мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен өзбек тилине Мәмлекетлик тил статусы берилген күн – 21 октябрь мәмлекетимизде Өзбек тили байрамы күни сыпатында үлкен салтанат, өзгеше шадлық, көтериңкилик пенен белгиленбекте.
Быйыл да халқымыздың руўхыйлығы, кейпиятына жүдә жақын болған бул байрам мәмлекетимизде жоқары дәрежеде болып өтпекте. 21-октябрь күни ерте таңнан, Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы, Министрлер Кабинети ўәкиллери, түрли министрлик ҳәм уйымлар, шөлкемлердиң жуўапкерлери, жазыўшы ҳәм шайырлар, илимпазлар, студент-жаслар Ташкент қаласындағы Әлийшер Наўайы естелигине гүллер қойды. Буның айрықша мәниси бар, әлбетте. Ана тилимиздиң раўажланыўы, жетилисиўинде, оның дүнья бойлап кең ен жайылыўында уллы шайыр ҳәм ойшыл бабамыз Әлийшер Наўайының хызметлери оғада үлкен.
Сол күни пәйтахтымыздағы «Өзбекстан» халықаралық әнжуманлар сарайында 21-октябрь – Өзбек тили байрамы күни мүнәсибети менен салтанатлы ағартыўшылық илаж шөлкемлестирилди.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Өзбек тили байрамы мүнәсибети менен Өзбекстан халқына байрам қутлықлаўын Президент кеңесгөйи Хайриддин Султанов оқып еситтирди.
Ҳақыйқатында да, бизиң барлығымыз, миллет сыпатындағы тымсалымыз, өзлигимиз, руўхый күш-қүдиретимиз ана тилимиз, жан тилимиз – өзбек тилиниң келешеги менен тығыз байланыслы.
Салтанатлы илажда атап өтилгениндей, кейинги жыллары мәмлекетимизде ана тилимизди қәстерлеп сақлаў, оның абырайын көтериў мәселесине мәмлекетлик сиясат дәрежесинде итибар қаратылмақта. Министрлер Кабинети жанындағы Мәмлекетлик тилди раўажландырыў департаменти, Өзбек тилин раўажландырыў қоры, Әлийшер Наўайы атындағы Ташкент мәмлекетлик өзбек тили ҳәм әдебияты университети жанында Мәмлекетлик тилде ис жүргизиў тийкарларын оқытыў ҳәм маманлығын арттырыў орайы сыяқлы системалар шөлкемлестирилди.
Улыўма билимлендириў мектеплери, жоқары оқыў орынларында өзбек тилин оқытыўға болған итибар күшейди. Тилимизди үгит-нәсиятлаў, саўатлылыққа байланыслы арнаўлы электрон платформалар таярланып, иске түсирилмекте.
Өзбек тили енди БМШтай абырайлы шөлкемлердиң минберлеринен, үлкен сиясий ушырасыўларда жаңламақта. Әйне пайытта бир қатар сырт мәмлекетлерде өзбек тилин үйрениўге тийисли орайлар жумыс алып барып атырғанын айтып өтиў керек.
– Кейинги жыллары өзбек тилине Мәмлекетлик тил статусы берилген күн мәмлекетимизде үлкен салтанат пенен белгиленбекте, – деди Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Мәмлекетлик тилди раўажландырыў департаменти баслығы Нодир Холбўтаев. – Президентимиздиң басламасы менен 21-октябрь – Өзбек тили байрамы күни сыпатында белгиленди. Бул күн тек мәмлекетимизде емес, ал дүнья көлеминде де теберик күн сыпатында белгиленбекте. Байрам илажлары Наўайының естелигине гүллер қойыўдан басланғаны бийкарға емес. Себеби, биз Әлийшер Наўайының өзине тән шеберлигине, дөретиўшилиги, жумысына ҳәр қанша ҳүрмет көрсетсек аз. Өзбек тили байрамы бир күнлик илаж емес. Ана тилимиздиң барлығы, мудамы турақлылығы биз ушын үлкен байрам болып есапланады. Устаз шайыр, Өзбекстан Қаҳарманы Эркин Ваҳидов тил мәселеси улыўмам миллий мәселе екенин атап өткен еди. Ҳақыйқатында да, бүгинги күнде өзбек тилине итибар улыўма миллий көлемге ийе.
Салтанатлы илажда ана тилимизди раўажландырыў перспективалары бойынша пикирлер билдирилди.
– Орайымыз жумыс баслағанына төрт жыл болды, – деди Әлийшер Наўайы атындағы Ташкент мәмлекетлик өзбек тили ҳәм әдебияты университети жанындағы Мәмлекетлик тилде ис жүргизиў тийкарларын оқытыў ҳәм маманлығын арттырыў орайы директоры Иномжон Азимов. – Өзбек тилин үйрениў бойынша сырт елли ҳәм елимизде жасап киятырған түрли миллет ўәкиллеринен көплеп усыныслар келип түспекте. Өзбек тилин үйрениў бойынша курсларды табыслы жуўмақлаған көплеген тыңлаўшыларға сертификатлар тапсырдық. Әйне ўақытта он топарда өзбек тили оқытылмақта. Соның менен бирге, орайда айрықша мектеп те жумыс алып бармақта.
– Мен Өзбекстандағы жоқары оқыў орнының магистратура басқышында оқыў ушын келгенмен, – деди кореялы Им Чён Мён. – Өзбекстанды, өзбек тилин жүдә жақсы көремен. КOIСA шөлкеми арқалы Өзбекстанға келгенимде бул журт мени өзине тартты. Адамлары жүдә меҳрийбан, ҳәмийше жәрдем бериўге таяр, оғада миймандос екен. Өзбек тили жүректен сүйетуғын тилиме айланды. Дүньядағы барлық сырт еллилерди өзбек тилин жақсы көриўге ҳәм оны ҳүрмет етиўге шақыраман.
– Спорт беллесиўлери жуўмағында турақлы гимнимиз жаңлайды, – деди таэквондо бойынша Олимпиада ойынларының гүмис медалы ийеси Светлана Осипова. – Гимнимизди жүрегимнен өткен тынышсызланыўлардың айнасы яңлы атқарамыз. Бул әзиз дияр, оның гөззал ҳәм әййемги тили болған өзбек тили биз ушын да оғада қәдирли.
Мәмлекетимизде жасап киятырған сырт елли ҳәм түрли миллет ҳәм халық ўәкиллеринен ибарат студентлер өзбек шайырлары қосықларынан үлгилер оқыды. Олардың өзбек тилин үйрениўге болған қызығыўшылығы, итибары, ана тилимизге болған шын ҳүрмети ҳәм муҳаббаты шын жүректен айтылыўында жүдә көтериңки ҳәм заўықлы тәризде жаңлады.
Елимизде өзбек тилин раўажландырыў бойынша реформалар, 14 тилди жақсы билген Саидризо Ализода ҳаққындағы видеороликлер, Өзбекстан халық шайыры Усмон Азимниң «Кундузсиз кечалар» шығармасы тийкарындағы спектакльден көринис қатнасыўшыларға үлкен қызығыўшылық оятты.
Көркем өнер усталары ҳәм атқарыўшы жаслардың қатнасыўындағы концерт бағдарламасы кешеге өзгеше заўық бағышлады.
Назокат УСМОНОВА,
ӨзА хабаршысы